Президент мектеплерине талабанлар арасынан ең мақулын сайлап алыў ҳәм талабанлардың санын оптималластырыў мақсетинде ҳүжжет тапсырыў ушын STEM бағдары бойынша пәнлерден айырықша баҳа алыў талабы енгизиледи. Яғный, 4-класс питкериўшилери математика ҳәм тәбияттаныў сыяқлы пәнлерден баҳалары «5» – айырықша болыўы керек. Сондай-ақ, 5-класс питкериўшилери математика пәнине қосымша тәризде биология, информатика ҳәм мәлимлеме технологиялары, соның менен бирге, 6-класс питкериўшилери де математика пәнине қосымша биология, информатика ҳәм мәлимлеме технологиялары, физика пәнлеринен баҳалары айырықша болыўы талап етиледи.

7-9-классты питкерген оқыўшылар алгебра, геометрия, информатика ҳәм мәлимлеме технологиялары, физика, химия ҳәм биология пәнлери бойынша баҳалары «5» – айырықша болғанда ғана ҳүжжет тапсырыўы мүмкин.

Ҳүжжетлерди тапсырыў тек ғана арза бериўшиниң оқып атырған аймағы бойынша әмелге асырылады. Арза бериўшиниң оқып атырған мектебиниң жайласыўы Президент мектеби ашылып атырған аймаққа сәйкес келеиўи керек. Басқа ўәлаятлардың мектеплеринде оқып атырған оқыўшылар 2020-2021-жылларда республиканың басқа ўәлаятларында шөлкемлестирилетуғын Президент мектеплерине ҳүжжет тапсырыўы мүмкин.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.