Усы жыл 25-май күни Өзбекстан Республикасы Президентиниң Қарақалпақстан Республикасындағы Халық қабыллаўханасында Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды баслығының орынбасары Х.Ёдгоров, Жоқарғы судтың судьялары С.Мәмбетқадиров ҳәм К.Тарийховлардың пуқараларды  көшпели қабыллаўы болды.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жынаят, Пуқаралық, Экономикалық, Ҳәкимшилик ислери бойынша судларының, ҳуқық қорғаў уйымларының, тийисли мәкемелердиң басшылары, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Көшпели қабыллаў барысында турақ жай, мүлк, ғалабалық ҳуқықый қатнасықлар, ҳәкимшилик ҳуқықбузарлықлар ҳәм басқа да мәселелер бойынша 129 пуқараның мүрәжаты қабыл етилди. Илажда қамақ жазасын өтеп атырған 69 адамның жазасы Өзбекстан Республикасы Жынаят Кодексиниң 73 ҳәм 74-статьясына муўапық жеңилиреги менен алмастырылып, соннан 26 пуқара жазадан азат етилди. Сондай-ақ, 19 пуқараның мүрәжаты қадағалаў тәртибинде қабыл етилип, 42 пуқараға мүрәжат етиў тәртиби ҳәм мүддети бойынша түсиник берилди.

Усы күни пуқаралардың судқа тийисли болмаған мүрәжатлары да тыңланып, тийисли тәртипте сектор басшыларына тапсырылды ҳәм олардың шешими қадағалаўға алынды.

Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды баслығы орынбасарының басшылығында усындай көшпели қабыллаў Беруний районында да болып өтти.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.