Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 24-май күни пайтахтымыздың Алмазар районында әмелге асырылып атырған дөретиўшилик жумыслар ҳәм ири жойбарлар менен танысты.

Мәмлекетимиз басшысы дәслеп Студентлер қалашасына барды. Бул жерде ҳәр қыйлы мыңлаған жас қәниге өмирге жоллама алады.

Быйыл Студентлер қалашасында кең көлемли дөретиўшилик жумыслар әмелге асырылды. Жоллар оңланып, жақтыландырыў бағаналары, отырғышлар орнатылды, 400 орынлық автомобиль туратуғын орын қурылды. Аймаққа көп жыллық ҳәм  мәўсимлик гүллер, сән беретуғын терек нәллери отырғызылды.

Бүгинги күнде студентлер қалашасында Мырза Улығбек атындағы Өзбекстан миллий университети, Ислам Кәримов атындағы Ташкент мәмлекетлик техника университети, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, Инновациялық раўажланыў министрлиги, Руўхый-ағартыўшылық орайы имаратлары, колледж ҳәм лицейлер, спорт комплекслери жайласқан. Еки университетте дерлик 25 мың студент билим алады.

Президентимиздиң басламасы менен қалаша аймағының басланыўында, «Беруний» метро бәндиргиси жанында Беруний майданы қурылды.

Әбиў Райхан Берунийдиң Техника университети алдындағы естелиги усы жерге көширилип, әтирапы абаданластырылды. Булар өзине тән комплекс пайда етип, Студентлер қалашасы илимий потенциалының және бир рәмзи болды.

Мәмлекетимиз басшысы бул жерде алып барылған жумыслар менен танысты. Уллы ойшыл естелигиниң Студентлер қалашасының босағасына қойылыўы елимизде илимге қаратылған итибардың көриниси болып, бүгинги жасларда уллы әўладлар менен мақтаныў сезимин күшейтиўге хызмет ететуғыны атап өтилди.

Президентимиз 2017-жыл 2-декабрь күни Инновациялық раўажланыў министрлиги имаратының қурылысы менен танысып, елимизде жетекши тараў ҳәм тармақларды раўажландырыў, инновациялық идеялар ҳәм технологияларды өндириске кеңнен енгизиў бойынша зәрүр көрсетпелер берген еди. Бүгинги күнде бул бағдарда избе-из жумыслар әмелге асырылмақта. Министрликтиң илимий-изертлеў ҳәм инновациялық жумысының перспективалы бағдарларын анықлаў, сырт елдиң жетекши илимий-изертлеў мәкемелери менен қәнигелескен илимий-экспериментал лабораториялар, технопарклер ҳәм басқа да инновациялық структуралар шөлкемлестириў, заманагөй илим жетискенликлерин өндириске енгизиў бойынша системалы илажларды көрмекте.

Министрликте экономика тармақларының иннвоациялық зәрүрликлерин үйрениў, жаслардың инновациялық идеяларын қоллап-қуўатлаў хызметлери, аралықтан билимлендириў курслары жолға қойылады. Жаңа қолланба ҳәм технологиялар менен таныстырыўда, стартап жойбарлар қәбилетли жасларда илимий-изертлеў көнликпелерин қәлиплестириўге жәрдем береди.

Имараттың биринши қабатында китапхана, амфитеатр, холл, көргизбелер залы орналасады. Жоқары қабатларда коворкинг ҳәм стартап аймақлар, интернет лабораториялар, әнжуманлар заллары болады. Аэрокосмослық лаборатория, устахана, реклама агентлиги де шөлкемлестириледи.

Министрликти бийкарға Студентлер қалашасына жайластырмадық. Бул жердеги жоқары оқыў орынларында мыңлаған қәбилетли жаслар, изертлеўшилер, илимпазлар илимий жумыс пенен бәнт. Олардың илимий изленислерин қоллап-қуўатлап, ҳәр бир тараўда жаңалық жаратыў керек. Инновациялық раўажланыў министрлиги бул бағдарда илимий орай, база болыўы зәрүр, деди Шавкат Мирзиёев.

Министрлик бағының дизайни де жаңаша тийкарда ислеп шығылған болып, бул жерге келгенлер миниатюралы инновациялар менен танысыў имканиятларына ийе болады. Бағқа интернет тармағына ийе отырғышлар, қуяш панельли жақтыландырғышлар, ҳаўа тазалаў бағаналары, мобиль үскенелерди қуўатландыратуғын қурылмалар орнатылады, брусчаткалы жоллар түнде өзин-өзи жақтыландырады.

Усы жерде министрлик ҳәм Процесслерди автоматластырыў миллий ассоциациясы  NAPA тәрепинен сырт елли орайлар менен биргеликте шөлкемлестирилиўи режелестирилген инновациялық технопарк пенен таныстырыў болып өтти.

Бул технопаркте мәлимлеме-коммуникация технологияларын үйренип ҳәм усы тараўда жумыс ислеп атырғанлар ушын инновациялық идеяларды алға қойыў имканиятларын кеңейтиў мақсетинде қолайлы орталық ҳәм инфраструктура жаратылады.

Жаңа технологиялар жаратыў ҳәм трансферлеў ушын министрликке жәрдемши сыпатында “NAPA Team” жуўапкершилиги шекленген жәмийети шөлкемлестирилмекте. Бул кәрхана инновациялық идеяларды жетилистирип, оларды стартап өнимге айландырады ҳәм келешекте елимиз экономикасына қаратады. Есап-санақларға бола, бул жумыстан жылына 1 миллион долларлық экспорт дәраматын көриў нәзерде тутылмақта.

Президентимиз инновациялық идеялар өз-өзинен өндириске жетип бармайтуғынын, бул ушын қаржы, қарыйдар табыў зәрүрлигин атап өтти. Қытайдың “Huawei”  компаниясы менен биргеликте тәжирийбеден өткен инновацияны тартыў, сырт елде жумыс ислеп атырған потенциалы жоқары изертлеўшилерди шақырыў ҳәм оларды қоллап-қуўатлаў бойынша зәрүр тапсырмалар берди.

Мырза Улығбек атындағы Өзбекстан Миллий университетинде Президентимиз жоқары билимлендириў тараўын буннан былай да раўажландырыў, кадрлар таярлаўдың сапасын арттырыў, илим ҳәм өндиристиң интеграциясын кеңейтиў бойынша әмелге асырылыўы режелестирилип атырған жойбарлар, усы жоқары оқыў орнын раўажландырыў бойынша әҳмийетли бағдарлар менен танысты.

Кадрлар таярлаў тараўлары структуралық дүзилиси жойбарында жасларды жоқары оқыў орынларына және де көбирек қамтып алыў бойынша ҳәр тәреплеме мағлыўмат берилди. 2018-2019-оқыў жылында елимиздиң жоқары оқыў орынларына 96 мың 950 студент қабыл етилген болса, 2019-2020-оқыў жылында 123 мың 170 қыз-жигит оқыўға қабыл етиледи. Бул көрсеткишти 2022-2023-оқыў жылында 180 мыңға жеткериў режелестирилген.

Жоқары билимлендириўге инновациялық инвестицияларды – сырт еллердиң илим технологияларын тартыў бағдарында да кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта. Соның ишинде, 2018-жылы елимизде Россияның 2, Қубла Кореяның 2, Латвияның 1 жоқары билимлендириў мәкемесиниң филиаллары шөлкемлестирилди. Быйыл Ҳиндстанның 2, Россияның 2 ҳәм АҚШтың 1 жоқары билимендириў мәкемесиниң филиалы студентлерди қабыллайды. Олардағы билимлендириў процесине 832 сырт ел қәнигеси тартылған.

Президентимизге инженер-техник кадрлар таярлаў, билимлендириўдиң мазмунын компетенциялар (әмелий көнликпелер) тийкарында түп-тийкарынан өзгертиў, педагогикалық билимлендириўдиң жаңа моделин енгизиў, жоқары билимлендириў мәкемелериниң жумысын «Университет – 3.0» концепциясы тийкарында шөлкемлестириў, МКТ ҳәм билимлендириў технологияларының интеграциясын тәмийинлеў жойбарлары бойынша мағлыўмат берилди.

Бизге сан емес, сапа керек. Буған ерисиў ушын болса сырт ел тәжирийбесин жақсылап үйрениў зәрүр. Қайсы мәмлекет кадарлар таярлаўға айрықша итибар қаратса, сол утады. Илимий тийкарланған тәжирийбе тийкарында кадрлар таярлаў системасын жолға қойыў ең әҳмийетли ўазыйпамыз, деди мәмлекетимиз басшысы.

Мырза Улығбек атындағы Өзбекстан Миллий университетиниң илимий-педагогикалық жумысы ҳәм кадрлар таярлаў системасын жетилистириўге байланыслы режелер менен таныстырыў өткерилди. Бес жыллық комплексли бағдарлама ислеп шығып, университеттиң жумысын раўажландырыў ҳәм оның халықаралық рейтинглерде мүнәсип орын ийелеўин тәмийинлеў бойынша тапсырмалар берилди. Университет жанындағы лицейди тәбийғый ҳәм анық пәнлерге қәнигелестириў, жетик қәнигелерге талап артып атырғанын есапқа алып, жаңа факультетлер шөлкемлестириў зәрүрлиги атап өтилди.

Өзбекстан Миллий универиситетиниң китапханасында жоқары билимлендириў ҳәм илимий-изертлеў мәкемелериниң басшылары, академиклер, илимпазлар, жас изертлеўшилер менен ушырасыў болып өтти. Онда илимий-изертлеў жумысларын коммерцияластырыў, кадрлар таярлаў ҳәм оларды материаллық-социаллық қоллап-қуўатлаў мәселелери ҳаққында сөз болды.

Мәмлекетимизди инновациялық раўажландырыў, 2030-жылға шекем Глобал инновация индексинде алдынғы 50 мәмлекеттиң қатарынан орын ийелеў бойынша кең көлемли жумыслар әмелге асырылып атырғаны атап өтилди. Бул ушын, бәринен бурын, илим тараўының нормативлик-ҳуқықый тийкарын беккемлеў мақсетинде «Илим ҳаққында» нызам жойбары ислеп шығылды. Қала берсе, өткен қысқа дәўир ишинде илимий-изертлеў жумысларын коммерцияластырыў ҳәм нәтийжелилигин арттырыўға қаратылған қарарлар қабыл етилди.

Нәтийжеде инновациялық қолланбаларды әмелиятқа енгизиў бойынша нырқы 151 миллиард сумлық 55 жойбарды әмелге асырыў ушын қолай тийкар жаратылды. Илимлер академиясының Улыўмалық ҳәм органикалық емес химия институты тәрепинен заманагөй илимниң жетискенликлери ҳаққында ислеп шығылған әпиўайы суперфосфат және жергиликли шийки заттан активлестирилген көмир алыў технологиясы солардың қатарына киреди. Өсимлик затлар химиясы институтының «Ферулен» ҳәм «Фланорин» препаратлары, Биоорганикалық химия институтында «Рутан» дәри қуралы субстанциясы, Ядро физикасы институты илимпазлары тәрепинен жаратылған суўды химиялық тазалаў үскенеси де буған айқын мысал болып табылады.

Бул жумыслардың нәтийжелилигин буннан былай да арттырыў мақсетинде 450 қолланба ҳәм 90 тармақлық машқалалардың шешимлерин қамтып алған «буйыртпашы-изертлеўши-инвестор» арнаўлы порталы иске түсирилип, коммерциялық банклер менен 19 жаңа стартап кәрхана шөлкемлестирилген.

Булардың бәри импорттың орнын басатуғын товарлар ислеп шығарыўға шараят жаратпақта. Қайта-қайта атап өтиў керек: жаңа пикир ҳәм жаңа идеяға, инновацияға сүйенген мәмлекет бәрқулла утады ҳәм раўажланады. Сол ушын, бириншиден, импорттың орнын басатуғын ҳәм өндиристи локализациялаўға қаратылған илимий қолланбаларды көбейтиў керек. Бул – мәселениң бир тәрепи. Екинши тәрепи болса, бул қолланбалар жергиликли өндирислик кәрханаларды қызықтырыўы ҳәм өтимли болыўы зәрүр, деди Шавкат Мирзиёев.

Президентимиздиң келеси жылдан илимий мәкемелерди тиккелей мәмлекетлик бюджеттен қаржыландырыўға өткериў усынысы илимпазлар тәрепинен қызғын қоллап-қуўатланды.

Ушырасыўда археология тараўын буннан былай да раўажландырыўға айрықша итибар қаратылды. Өзбекстан археологлары тәрепинен соғд ҳүкимдарлар резиденциясының қалдықлары болған «Кофир-қалъа» естелигинде ағаш панно – соғд көркем өнериниң бийбаҳа үлгиси, Ферғана алабындағы Ахсикентте Х әсирде пискен гербиштен туннел тәризинде қурылған жер асты суў тәмийнаты системасы табылғаны елимиздиң тарийхы қаншелли уллы екенинен дәрек беретуғыны атап өтилди. Жуўапкерлерге археологияны раўажландырыў бойынша айрықша мәмлекетлик бағдарламаны қабыл етиў бойынша тапсырма берилди.

Термит насекомасы тийкарынан целлюлоза, яғный ағашты кемирип, халықтың турақ жайларын, мәдений- тарийхый естеликлерге, стратегиялық әҳмийетке ийе объектлерге, имаратларға үлкен зыян тийгизеди. Зоология институтына термитлерге қарсы гүресиў бойынша алып баралып атырған изертлеўлерди буннан былай да жетилистириў бойынша көрсетпелер берилди.

Излениўшең илимпазларды хошаметлеў мақсетинде илимий қолланба жаратқан изертлеўшиге докторлық ҳәм оны әмелиятқа енгизген излениўшиге таяныш докторлық илимий дәрежесин беретуғын бинар (екилик) қорғаў системасын енгизиў, бюджет қаржылары есабынан стажёр-изертлеўшилер институтын және елимиздиң биологиялық көп түрлилигин үйренетуғын дала-тәжирийбе станцияларын шөлкемлестириў усыныс етилди.

Кейинги жылларда илим ҳәм билимлендириў тараўы хызметкерлери избе-из хошаметленип келинбекте. Илимий хызметкерлердиң айлық мийнет ҳақысы өткен жылы 1-сентябрьден орташа 25, усы жыл 1-январьдан 20 процентке көбейтилген еди, 1-июльден болса және 25 процентке көтерилетуғын болды.

Президентимиз бул әмелий илажлардың логикалық даўамы сыпатында усы жылдың 1-сентябринен барлық мәмлекетлик шөлкемлерде илимий-педагогикалық жумыс пенен шуғылланып атырған, билимлендириў ҳәм илим тараўында мийнет етип атырған илим кандидатларының айлық мийнет ҳақысына 30 процент, илим докторларына болса 60 процент үстеме ҳақы белгилеўди усыныс етти.

Инновациялық раўажланыў министрлиги жанында шөлкемлестирилетуғын Жаслар академиясы да илим ўәкиллерин қоллап-қуўатлаўға хызмет етеди. Бул академияға инновациялық пикирлейтуғын қәбилетли студентлер ҳәм 40 жасқа шекем болған илимпазлар, интакер жаслар ағза болады. Академияда жасалма интеллект, қайта тикленетуғын энергия дәреклери, робот техникасы ҳәм мехатроника, фармацевтика, биотехнология, программаластырыў, санаат дизайни, 3D моделлестириў сыяқлы бағдарларда илимий жумыслар алып барылады.

Президентимиз ҳәм Министрлер Кабинетиниң жоқары билимлендириў системасын реформалаў, кадрлар таярлаў процесин буннан былай да жеделлестириў бойынша қарарлары ҳәм «жол картасы» тастыйықланған бул ҳүжжетлердиң орынланыўы шеңберинде жоқары билимлендириў мәкемелериниң ири өндирис кәрханалары, мәмлекетлик шөлкемлер, исбилерменлик субъектлери, илимий-изертлеў институтлары ҳәм орайлары менен бирге ислесиўи жолға қойылды. Нәтийжеде шөлкем ҳәм кәрханалардың 4 мыңнан аслам маман әмелиятшы-қәнигелери жоқары оқыў орынларының билимлендириў процесине тартылған.

Сондай-ақ, кейинги 2 жыл даўамындағы халықаралық бирге ислесиў нәтийжесинде елимизде жаңа жоқары билимлендириў мәкемеси жолға қойылды, 30 дан аслам оқыў орнында сырт елли жоқары билимлендириў мәкемелери менен биргеликте кадрлар таярланбақта.

Жоқары билимлендириў системасын заманагөй усыллар жәрдеминде нәтийжели басқарыў, тараўда материаллық-техникалық базаны күшейтиў, оқыў-методикалық жумысларды жетилистириў бойынша нәтийжели илажлар көриўимиз керек. Экономика тармақларының реал зәрүрлигинен келип шығып, жоқары билимлендириў системасын раўажландырыў стратегиясын белгилеў, мәмлекетлик билимлендириў стандартлары ҳәм қәнигелик талапларын қайта ислеп шығып, студентлердиң қәнигелик әмелиятын нәтийжели шөлкемлестириў зәрүр, деди Президент.

Ушырасыўда педагог кадрлардың қәнигелигин арттырыў ҳәм оларды дифференциялластырған ҳалда хошаметлеў системасын енгизиў ҳаққында да сөз етилди. Жоқары билимлендириў министрлиги магистратура студентлерин Илимлер академиясының сәйкес бағдардағы илимий-изертлеў институтында стажировка өтеўин жолға қойыў, тәбийғый пәнлер ҳәм инженерлик бағдарларда магситратура студентлерин бюджет есабынан мәмлекетлик буйыртпашы тийкарында таярлаўды жолға қойыў зәрүрлиги атап өтилди.

Жоқары билимлендириў мәкемелери студентлери арасында өткерилетуғын пән олимпиадалары системасын жетилистириў, жеңимпазларды мүнәсип сыйлықлаў ҳәм хошаметлеў, атап айтқанда, мәмлекет көлеминдеги жеңимпазларды тийисли қәнигеликлер бойынша магистратураға, халықаралық олимпиада  жеңимпазларын болса кейин ала докторантураға да сынақсыз қабыл етиў илажларын көриў белгиленди. Финанслық жақтан турақлы жоқары билимлендириў мәкемелерин өзин-өзи қаржыландырыў системасына басқышпа-басқыш өткериў зәрүрлиги атап өтилди.

Шавкат Мирзиёев илимпаз ҳәм педагоглардың социаллық шараятларын жақсылаў мәселелерине де айрықша итибар қаратты.

Ушырасыўда академиклер, жоқары оқыў орынларының ректорлары ҳәм студент жаслар шығып сөйлеп, билимлендириў системасында әмелге асырылып атырған реформалар, жүзеге келген машқалалар ҳәм оларды сапластырыў бойынша пикир-усынысларын билдирди.

Өзбекстан Миллий университети математика факультетиниң 4-басқыш студенти Сардор Бозорбоев жаслар ушын жаратылған имканияттан кеңнен пайдаланыў зәрүрлигин атап өтип, студент ҳәм оқыўшылар пән олимпиадаларының өткериў системасын буннан былай да жетилистириўге қаратылып атырған итибардан қанаатланатуғынын билдирди.

Сардор математика бойынша өткерилген халықаралық олимпиадада 4 алтын, бир-бирден гүмис ҳәм бронза медальды қолға киргизген.

– Билимлендириў системасына итибардың нәтийжесин жасларымыз ҳәр қыйлы таңлаў ҳәм халықаралық олимпиадада қолға киргизип атырған жетискенликлери мысалында да көриў мүмкин, – деди С.Бозорбоев. – Биз, жаслар жаратылған имканият ҳәм жеңилликлерден өнимли пайдаланып, елимиздиң абырайын және де асырамыз, уллы бабаларымыздың мүнәсип мийрасхорлары екенимизди дәлиллеймиз.

Президентимиз Садор сыяқлы излениўшең, зейинли, билимли жаслар елимиздиң келешеги екенин атап өтип, оған автомашина саўға етти.

Бизге белгили, мәмлекетимиз басшысының тапсырмасына бола Ташкент қаласы аймағынан ағып өтетуғын Шыршық дәрьясы, канал ҳәм коллекторлардың бойларындағы нызамсыз қурылмаларды сапластырыў ҳәм аймақларды абаданластырыў бойынша «жол картасы» тастыйықланған.

Президентимиз 2018-жыл 9-февраль күни Алмазар районында болып, каналлардың бойын абаданластырыў, халықтың дем алыўы ушын қолайлы шараятлар жаратыў бойынша көрсетпелер берген еди.

Бүгин бул жерде көркем мәденият ҳәм ағартыўшылық орны жаратылды. «Дамаши» каналының 2,5 километр бөлегиндеги жағалары бетонластырылып, «Сой бўйи» парки жаратылды.

Каналдың жағасы 7 лотқа бөлинип, оларда исбилерменлик субъектлери тәрепинен де ресторанлар, дем алыў орынлары, коворкинг орайы, фитнес клубы ҳәм басқа да бир қатар объектлер және дүньяға белгили Эйфель ҳәм Пиза минаралары, Минораи калон, Лувр пирамидасы ҳәм басқа да соған усаған объектлердиң макетлери жаратылды.

Мәмлекетимиз басшысы коворкинг орайы ҳәм ондағы тигиўшилик кәрханасының жумысы менен танысты.

Бир ўақытлары бул жерлер қандай тасланды орын еди. Ҳәммемиз солай жасаўға үйренип қалған едик. Бир жыл ишинде исленген жумыслардың нәтийжесин көрип турмыз. Абатлық бар жерде қут-берекет болады. Бул жер тек ғана дем алатуғын орын емес, ал руўхый-ағартыўшылық мәканына да айланады, деди Шавкат Мирзиёев.

Абаданластырыў жумыслары бойынша буйыртпашы – Ташкент қаласы ҳәкимлигиниң «Ягона буюртмачи хизмати» инжиниринг компаниясы. Бас жойбарлаўшы – “Prime tower group”  ЖШЖ. Бас жумысты бөлим алып ислеўши сыпатында болса “Inter building” ЖШЖ жумыс алып барды.

Абдулла Қадирий ҳәм Шолпан атындағы китапханалар, Нуранийлер дәргайы, «Жаслар мийнет гүзары»да буннан алдынғы сапар етиўдиң әмелий нәтийжелеринен бири болып табылады.

Китапхана бай китап фонды ҳәм мәлимлеме технологиялары менен тәмийинленген. Әлийшер Наўайы атындағы Өзбекстан миллий китапханасы менен электрон тәризде байланысқан.

Нуранийлер дәргайында ветеранлар өз ўақтын мазмунлы өткериўи, денсаўлығын беккемлеўи ушын барлық шараят жаратылған.

Мәмлекетимиз басшысы китапханалар ҳәм Нуранийлер дәргайы менен танысты. Жергиликли халық ўәкиллери, ақсақаллар менен сәўбетлести.

Шайхонтохур районынан ағып өтетуғын «Катта Калкауз» каналынан суў алатуғын «Дамаши» Алмазар районының Нурафшон көшесинен басланады. Оның улыўма узынлығы 7,36 километрди қурайды.

Президентимизге «Сой бўйи» парки ҳәм аймақтың әтирапындағы Алтынсай, Қичқириқ ҳәм Тараққиёт мәҳәллелеринде жәмийетлик тәртипти ҳәм қәўипсизликти тәмийинлеў системасы ҳаққында мағлыўмат берилди. Мәмлекетимиз басшысы бул системаны Ташкент қаласының барлық районларына енгизиў, жынаятшылықтың алдын алыўда илим ҳәм таллаў тийкарында ислеў зәрүрлигин атап өтти.

Канал ҳәм оның әтирапындағы аймақтың азадалығы және санитариялық жағдайы Ташкент қаласы ҳәм Алмазар районы ҳәкимликлериниң арнаўлы жумысшы топары тәрепинен турақлы қадағалап барылады. Атап айтқанда, «Таза канал» компаниясы илажлары басланғанынан усы күнге шекем жаға аймақларында 136 нызамсыз қурылмалар анықланып, олардың 133 и сапластырылды. Бул бағдардағы жумыслар даўам етпекте.

Мәмлекетимиз басшысының Алмазар районына буннан алдынғы сапары усындай қайырлы нәтийжелерге алып келди. Бул ретки сапар етиў ўақтында белгиленген ўазыйпалар, берилген тапсырмалар және де жаңа шеклерди ийелеўге жол ашады, деп исеним менен айтыў мүмкин.

Матназар ЭЛМУРОДОВ,

Алоуддин ҒАФФАРОВ,

Зиёдулла ЖОНОИБЕКОВ,

ӨзАның хабаршылары