Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң мирәт етиўи бойынша Германия Федеративлик Республикасы Федерал Президенти Франк-Вальтер Штайнмайер усы жылдың 27-29-май күнлери рәсмий сапар менен мәмлекетимизде болады.

Президентлер мәмлекетимиз басшысының усы жылдың 20-22-январь күнлери Германияға сапары даўамында болып өткен жоқары дәрежедеги сөйлесиўди даўам еттирип, сиясий, саўда-экономикалық, инвестициялық, қаржы-техникалық ҳәм мәдений-гуманитарлық тараўларда еки тәреплеме бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиўдиң перспективаларын, сондай-ақ, Өзбекстан-Европа Аўқамы форматы шеңбериндеги байланысларды додалайды.

Халықаралық ҳәм регионаллық әҳмийеттеги мәселелер бойынша да пикир алысыў режелестирилген.

Сапар етиў шеңберинде  Франк-Вальтер Штайнмайердиң Өзбекстан ҳәм ГФР жетекши компаниялары ҳәм банклери, жәмийетлик ўәкиллери менен ушырасыўы, бир қатар санаат ҳәм басқа да объектлер менен танысыўы нәзерде тутылған.

Федерал Президент Хорезм ўәлаятына сапар етип, Үргенш мәмлекетлик университетиниң профессор-оқытыўшылары ҳәм студентлери менен ушырасады және Хийўа қаласының тарийхый ҳәм архитектуралық естеликлери менен танысады.

Сапар етиў жуўмағында экономика, қаржы, билимлендириў, денсаўлықты сақлаў ҳәм қоршаған орталықты қорғаў тараўларында еки тәреплеме қатнасықларды буннан былай да кеңейтиўге қаратылған ҳүжжетлерге қол қойылыўы күтилмекте.

ӨзА