Өзбекстан Республикасы Олий Мажлис жанындағы Мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлекемлерди ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа да институтларын қоллап-қуўатлаў жәмийетлик фонды қаржыларын басқарыў бойынша Парламентлик комиссияның мәжилиси өткерилди.

Илажда МКШ, ҒХҚ ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа да институтлары, Социаллық шериклик бойынша жәмийетлик комиссиялардың ағзалары менен сөйлесиўди күшейтиў перспективалары додаланды. Орынларда социаллық шерикликти күшейтиў, экономикалық, жәмийетлик-сиясий, мәдений-гуманитарлық тараўларды раўажландырыўда жәрдем көрсетиў сыяқлы мәселелер көрип шығылды.

Жасларды руўхый жетилискен, физикалық жақтан саламат етип тәрбиялаўда, оларда исбилерменлик, илимий-дөретиўшилик ҳәм интеллектуаллық потенциалды қәлиплестириў және саламат турмыс тәризин тәмийинлеўде МКШлардың белсендилигин күшейтиўге бағдарланған мәмлекетлик гранттың 2-ши ҳәм 3-ши таңлаўларын жәриялаў бойынша мағлыўмат берилди.

Бул танлаўлар жасларда пуқаралық миннеттин ҳәм жуўапкершиликти қәлиплестириў, олардың ҳуқықый санасын жоқарылатыў, халықтың экологиялық ҳәм медициналық мәдениятын қәлиплестириў, кемқанлық ҳәм гигиена тараўында қызлардың медициналық мәдениятын арттырыў сыяқлы бир қатар бағдарларды қамтып алған.

Мәжилисте «Раўажланыў стратегиясы» орайының 2018-жылдың жуўмақларына бағышланған есабы тыңланды. Орай тәрепинен Ҳәрекетлер стратегиясы шеңберинде әмелге асырылып атырған ҳәм кең көлемли реформалар ҳәм раўажланыў бағдарламаларының мазмун-мәнисине бағышланған 80 нен аслам презентациялар шөлкемлестирилген. Өткерилген илажларда 7 мыңнан аслам түрли уйым ҳәм жәмийетшилик ўәкиллери қатнасқан. Нызам ҳүжжетлериниң жойбарлары ҳәм раўажланыў концепцияларын додалаўға бағышланған 30 дан аслам экспертлик ҳәм жәмийетлик додалаўлар  шөлкемлестирилген. Орынларда мәмлекетлик бағдарламаның орынланыў барысын бақлаў мақсетинде мәмлекетимиздиң 10 аймағында мониторинг ҳәм үйрениўлер шөлкемлестирилген.

Буннан тысқары, өзбек, рус ҳәм инглис тиллеринде «Өзбекстан Стратегиясы» күнделикли журналы басып шығарылған. 2018-жылдың ноябрь айында шөлкемлестирилген «2019-жыл Мәмлекетлик бағдарламасына усыныслар» онлайн платформасына пуқаралардан 5 мың 900 дан аслам усыныс қабыл етилген.

Илажда Пуқаралық жәмийети қәлиплесиўин мониторинг етиў бийғәрез институтының 2018-жылдың жуўмақлары бойынша да есабы тыңланды. Институт мәмлекетлик бағдарламалардың 6 тийисли бәнтлерин орынлаўда қатнасқан. 7 нызам ҳүжжетлериниң жойбарларын таярлаўда қатнасқан. «Абат аўыл», «Абат мәҳәлле» ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў бойынша мәмлекетлик бағдарламалар ҳәм басқа да нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң орынлардағы орынланыўын мониторинг еткен.

Парламентлик комиссиясының ағзалары тәрепинен усы шөлкемлердиң жумысын күшейтиў, олардың материаллық-техникалық базасын беккемлеў, өткерилип атырған илажлардың нәтийжелилигин арттырыў ҳәм мақсетлилигин тәмийинлеў бойынша анық усыныслар берилди.

 

Абдулазиз МУСАЕВ,

ӨзАның хабаршысы