Усы жыл 24-май күни пайтахтымыздағы Қарақалпақ мәмлекетлик Жас тамашагөйлер театрында «Тафаккур синовлари» таңлаўының аймақлық басқышы болып өтти.

Таңлаўдың биринши басқышы жоқары оқыў орынлары факультетлери арасында март айында, екинши таңлап алыў басқышы апрель айында өткерилди.

Таңлаў қатнасыўшылары «Жаслар ҳаўазы», «Тез сораў-жуўап», «Машқала ҳәм шешим», «Сахнада тафаккур синови» атамасындағы шәртлер бойынша билимлерин сынақтан өткерди.

Таңлаў жуўмағында Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының «Ғәрезсизлик жаслары» командасы биринши, Наўайы педагогикалық институтының  «Фемида» командасы екинши, Үргенш мәмлекетлик университетиниң («Ворислар») ҳәм Бухара мәмлекетлик университетиниң  («Ирфон») командалары үшинши орынды ийеледи.

Таңлаўда биринши орынды ийелеген Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының «Ғәрезсизлик жаслары» командасы таңлаўдың усы жыл ноябрь айында өткерилетуғын  төртинши жуўмақлаўшы басқышына жолламаны қолға киргизди.

Жеңимпазлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған диплом, ҳүрмет жарлығы ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.

 

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы

(Мақаланың сүўретлери агентлик шолыўшысы И.Матеков тәрепинен түсирилген)