Усы жыл 23-май күни Жаслар орайында Исбилерменлер ҳәрекети-  Өзбекстан Либерал-демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси тәрепинен шөлкемлестирилген «Исеним, ҳәрекет, нәтийже» темасында депутатлар форумы болып өтти.

Оған Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң, қалалық ҳәм районлық Кеңеслериниң депутатлары, партия белсендилери, исбилерменлер менен фермерлер, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы, партияның Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң баслығы С.Турманов,  ӨзЛиДеП Сиясий Кеңеси Атқарыў комитети сиясий билимлендириў орайының баслығы Н.Алимов, ӨзЛиДеП Сиясий Кеңеси Атқарыў комитетиниң жуўаплы хызметкери Г.Халмуратова, Өзбекстан Қаҳарманы, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты С.Сейтназаров, Халық депутатлары Әмиўдәрья районлық Кеңесиндеги ӨзЛиДеП депутатлық топарының басшысы М.Бекназарова ҳәм басқалар шығып сөйлеп, Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң Олий Мажлиске Мүрәжатында белгилеп берилген әҳмийетли ўазыйпалар, олардың орынланыўын тәмийинлеў бойынша депутатлар тәрепинен әмелге асырылған жумысларға, усы жылдың декабрь айында болып өтетуғын сайлаўларға таярлықтың барысына тоқтап өтти.

Атап өтилгениндей, елимиз басшысының Пәрманы тийкарында қабыл етилген Ҳәрекетлер стратегиясының «Мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик қурылысты жетилистириў» деп аталған биринши бағдарын әмелге асырыўда мәмлекетлик ҳәкимият ситемасында Олий Мажлистиң ролин күшейтиў, нызам дөретиўшилиги жумысының сапасын түп-тийкарынан жақсылаў, мәмлекеттиң турмысында сиясий партиялардың ролин күшейтиў нәзерде тутылған. Мәмлекетлик бағдарламада белгиленген усы ўазыйпаларды турмысқа енгизиў, партияның мақсет ҳәм ўазыйпаларын үгит-нәсиятлаў, партия ағзаларының санын көбейтиў бойынша бир қатар жумыслар алып барылмақта.

2014-жылда республикамызда партия ағзаларының саны 13 мыңнан аслам болып, олар алты жүзден зыят басланғыш партия шөлкемине бириктирилген болса, бүгинги күнге олардың саны 50 мыңға шамалас болып, мыңға жақын шөлкемге бириктирилген. Өткен сайлаўларда республикамыз бойынша партиядан Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасына 8 округтан 3,  Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине 65 округтан  25, халық депутатлары қалалық ҳәм районлық Кеңеслерине 413 округтан 147 депутат, сондай-ақ, Олий Мажлис Сенатына 3 сенатор сайланып, сиясий партиялар арасында жоқары көркеткишге ийе болды.

Илажда электорат мәплерин қорғаўда ӨзЛиДеПтиң халық депутатлары қалалық ҳәм районлық Кеңеслериндеги партия топарлары менен Олий Мажлис Нызамшылық палатасындағы, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиндеги фракцияларының бирге ислесиўин буннан былай да күшейтиў, аймақларды социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў бойынша қабыл етилген қарарлардың, жергиликли бағдарламалардың орынланыўын тәмийинлеўде депутатлардың, партия  белсендилериниң мудамы алдыңғы қатарда болыўы бүгинги күнниң талабы екенлиги атап өтилди. Бул бағдардағы жумысларды мониторинг етип барыў,   тийисли кәрхана ҳәм мәкеме басшыларының есабатларын халық депутатлары жергиликли Кеңеслериниң сессиялары менен турақлы комиссияларында тыңлап барыў механизминен толық пайдаланыў айрықша әҳмийетке ийе.

Атап айтқанда, Исбилерменлер ҳәрекети-Өзбекстан Либерал-демократиялық партиясынан Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине, халық депутатлары қалалық ҳәм районлық Кеңеслерине сайланған депутатлар тәрепинен өткен жылы 769, быйылғы жылдың биринши шерегинде 279 депутатлық сораў жиберилген. Сондай-ақ, депутатлық топарлардың басламасы менен өткен жылы 379, быйылғы жылдың биринши шерегинде 82 лаўазымлы шахстың есабаты тыңланған. Халық депутатлары жергиликли Кеңес сессияларына сайлаў дәўиринен баслап 206 усыныс киргизилген болса, олар бойынша 196 қарар қабыл етилген.

-Президентимиз 2017-жыл 12-июль күни Олий Мажлис палаталары, сиясий партиялар ўәкиллери менен өткерилген видеоселектор мәжилисинде шығып сөйлеген сөзинде олардың мәмлекетимиздиң сиясий турмысындағы орны ҳәм ролине айрықша баҳа берди,-дейди партияның Әмиўдәрья районлық Кеңесиндеги ӨзЛиДеП депутатлық топарының басшысы Муқаддас Бекназарова.-Илажда партиямыз тәрепинен өткен дәўир даўамында әмелге асырылған унамлы жумыслар менен бир қатарда депутатлық топарларының жумысларындағы машқалалар ҳәм оларды сапластырыў илажлары атап өтилди. Сонлықтан да, бундай форумды өткериў турыў мақсетке муўапық болады.

Илаж соңында Өзбекстан Республикасының нызамлары, Президентимиздиң пәрман және қарарлары, сондай-ақ партияның ўазыйпаларын кеңнен үгит-нәсиятлаў және орынланыўын тәмийинлеў, аймақларды социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў, партия электораты ўәкиллерин, исбилерменлер менен фермерлерди қоллап-қуўатлаўдағы, халықтың машқалаларын үйрениў ҳәм оларды сапластырыўдағы нәтийжели хызметлери ушын бир топар белсендилерге партияның Сиясий Кеңеси Атқарыў комитетиниң Миннетдаршылық хаты тапсырылды.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.