Президентимиздиң усы жылдағы министрликлер, мәмлекетлик комитетлер ҳәм басқа да мәмлекетлик басқарыў уйымлары жумысының нәтийжелилигин ҳәм мақсетли ўазыйпаларға ерисиўин баҳалаўдың тийкарғы өлшемлерине байланыслы бийликлериниң орынланыўы бойынша Аўыл хожалығы министрлиги тәрепинен әмелге асырылған ислер ҳәм Аўыл хожалығы және азық-аўқат тәмийнаты илимий-өндирислик орайының жумысы бойынша мәлимилеме тыңланды.

Аграр ҳәм суў хожалығы мәселелери комитети тәрепинен шөлкемлестирилген илажда усы жылда министрликтиң аўыл хожалығында әмелге асырылып атырған реформалар, структуралық өзгерислерди әмелге асырыўдағы қатнасыўы ҳәм атқарыў тәртибиниң жоқары басқышқа алып шығылыўы атап өтилди.

Министрлик тәрепинен аграр секторды аўыл хожалығы техникалары, коммуникация тармақлары ҳәм инфраструктура обьектлери, музлатқышлы сыйымлылықлар менен жетерли дәрежеде тәмийинлеў, аўыл хожалығы өнимлериниң зүрәәтлилигин арттырыў, селекция жумысларын жақсылаў, хызметкерлердиң қәнигелигин арттырыў сыяқлы мақсетли ўазыйпалардың орынланыўы белгиленген тәртипте әмелге асырылмақта.

Усы жылдың бәҳәр айларында фермер хожалықларының тийкарғы жерлерине режеге бола 85 процент овощ ҳәм 67 процент палыз  егилген. Соны есапқа алып,  2019-жылы мийўе-овощ өнимлерин қайта ислеў кәрханаларын шөлкемлестириў бойынша көплеген басламашылар анықланды. Усы тийкарда келешекте баҳасы 71 миллиард 680 миллион сумлық 13 жойбарды әмелге асырыў бойынша тармақ кестелери ислеп шығылды. Быйылғы жылы 95 мың 685 тонна мийўе-овощты қайта ислеў қуўатлық иске түсириледи.

Аўыл хожалығы ҳәм азық-аўқат тәмийнаты илимий-өндирислик орайы илимпазлары ҳәм қәнигелери тәрепинен мәмлекетимизде тез писетуғын, өнимдарлы, интенсив сортларды жаратыў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар бойынша мағлыўмат берилди.

-Хәзирги ўақытта илимий орайымыз ҳәм системадағы илимий-изертлеў мәкемелеринде жәми 590 илимий хызметкер жумыс алып барады,-дейди Аўыл хожалығы ҳәм азық-аўқат тәмийнаты илимий-өндирислик орайы бас директорының ўазыйпасын атқарыўшы Баҳодир Халиков.-Илимий орайымыз институтларында ғаўашаның 18, овощ, палыз егинлери, салы ҳәм картошканың 30 дан артық жаңа сорты жаратылған. Бүгинги күнде селекция тараўында дүнья тәжирийбеси табысларын және де кеңирек енгизиў, аўыл хожалығы егинлериниң жаңа тез писетуғын, өнимдарлы, интенсив сортларын жаратыў әҳмийетли есапланады. Бир ғана Қытай мәмлекети Шинжон-Уйғур автоном аймағының Аўыл хожалығы университети менен биргеликте Қытай прогрессив технологияларын Әндижан, Наманган ҳәм Ферғана ўәлаятларына енгизиў бойынша 70 гектар жерге илимий тәжирийбе әмелге асырылды. Нәтийжеде әмелдегиге қарағанда 15,5 центнер қосымша өним алынды. Бирге ислесиў шеңберинде 5 илимий хызметкер Қытай мәмлекетинде қәнигелигин арттырып қайтты.

Илажда депутатлар тәрепинен миллий сортлардың кем қолланылып атырғаны ҳәм сырттан алып келинип атырған туқымлардың ғалаба ен жайып кетгенлиги сынға алынды. Аўыл хожалығын жоқары сапалы туқымлар менен тәмийинлеў ҳәм оларды егиўде дурыс жайластырыў, халықты тийкарғы түрдеги аўыл хожалығы өнимлери менен үзликсиз тәмийинлеў, оларды экспорт етиўди кеңейтиў, баҳасының турақлылығын сақлаў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

А.Мусаев,

ӨзАның хабаршысы