Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 14-май күни қурылыс материалларын ислеп шығарыў санаатын буннан былай да раўажландырыў бойынша тийкарғы ўазыйпаларға бағышланған мәжилис өткерди
Соңғы жылларда елимизде қурылыс жумысларының көлеми және де кеңейип, жүзлеген турақ-жайлар, ири санаат кәрханалары, мәденият ҳәм спорт орынлары, жол көпирлери қурылды.
Санлар менен айтқанда, соңғы еки жылда қурылыс жумысларының көлеми 1,7 есеге артқан. Онда тийкарынан елимизде ислеп шығарылған материаллардан пайдаланылған. Соның менен бирге, керамикалық ҳәм ағаш қыйындыларынан таярланған плиталар (ДСП), айна, обои ҳәм басқа да материаллар импорт етилмекте. Өзбекстанда заманагөй қурылыс материалларын ислеп шығарыў көлемин және де арттырыў, импорт орнын қаплаў ушын үлкен имканиятлар бар.
Мәмлекетимизде қурылыс жумыслары барған сайын артып баратырған бүгинги күнде қурылыс материаллары экономиканың жетекши тармағына, өсиў тийкарларынан бирине айланыўы керек. Кәрханаларда нәтийжели энергия технологияларын енгизиў арқалы тәбийғый байлықларымызды үнемлеў, материаллардың баҳасын түсириў мүмкин, – деди Шавкат Мирзиёев.
Мәжилисте қурылыс материаллары тараўында өндиристи келешекте бес жылда кеминде еки есеге арттырыў бойынша әҳмийетли ўазыйпалар белгилеп берилди.
Рудалық емес кәнлердиң резервин арттырыў, санаат усылында қайта ислеўди кеңейтиў, қурылыс материаллары тараўын диверсификациялаў зәрүрлиги атап өтилди.
Президентимиз тараў кәрханаларын турақлы ҳәм қәрежетти аз талап ететуғын энергия менен тәмийинлеў мәселесине айрықша итибар қаратты. Көмир ислетилетуғын тек ғана бир гербиш заводы мысалында өнимлердиң баҳасын 50 процентке шекем түсириў мүмкинлигин көрсетип өтти. Усындай заманагөй технологияларды қолланыў үлкен муғдарда тәбийғый газди үнемлеў, өнимлерди арзанлатыўға хызмет ететуғыны атап өтилди. Бул ҳәм исбилермен, ҳәм халыққа, ҳәм мәмлекетке пайда келтиреди.
Сол себепли қурылыс материаллары тармағында энергияны үнемлейтуғын технологияларды енгизиў арқалы өзине түсер баҳаны азайтыў бойынша тапсырмалар берилди.
Мәмлекетимиздеги қурылыс материаллары санаатының экспорт потенциалы да жоқары. Бирақ автотранспорт қәрежетлериниң көп екенлиги олардың баҳасына тәсир көрсетпекте. Сол себепли экспорт товарларын тасыў қәрежетлерин субсидиялаў усынысы билдирилди.
Усы жылы Қарақалпақстан Республикасы, Сурхандәрья, Әндижан ҳәм Наўайы ўәлаятларында да ҳәр бири 2 миллион тонна қуўатлылыққа ийе 4 цемент кәрханасы иске түсирилди.
Жылдың жуўмағына шекем 3,5 миллион тонна қуўатлылығына ийе жаңа заводлар пайдаланыўға тапсырылып, жыллық потенциалы 15 миллион тоннаға жеткериледи. Бул цементке болған екинши талапты тәмийинлеп, баҳасын арзанлатыў имканиятын беретуғыны атап өтилди.
2019-2020-жылларда тараўда 17 триллион сумлық мыңнан аслам жойбарды әмелге асырыў режелестирилген. Бул жойбарлар ушын коммерциялық банклердиң кредитин ажыратыў ҳәм сырт ел инвестицияларын жедел тартыў бойынша көрсетпелер берилди. Сондай-ақ, төмен рентабелли кәрханаларды потенциаллы инвесторларға сатыў мәселеси де көрип шығылды.
Қурылыс материаллары санаатын буннан былай да раўажландырыў ушын тәжирийбели маман қәнигелер керек. Бирақ жоқары оқыў орынларындағы бар орынлар өндиристе өсип баратырған талапқа сәйкес емес. Билимлендириў процеси әмелият пенен байланыспаған.
Сол себепли мәжилисте тараў қәнигеликлерине бюджет квотасын арттырыў, кәрханаларда оқыў әмелиятын шөлкемлестириўди жетилистириў, сырт ел компаниялары менен биргеликте жаңа технологиялар тийкарында квалификацияны арттырыў орайларын шөлкемлестириў бойынша тапсырмалар берилди.
Мәжилисте додаланған мәселелер бойынша жуўапкерлер есап берди.
ӨзА