«Өзстандарт» агентлиги Баспасөз хызметиниң басламасы менен журналистлер ушын «Қарақалпақстан сынаў ҳәм сертификатластырыў орайы» мәмлекетлик кәрханасының өндирис кәрханаларында сапа системаларын енгизиў бойынша әмелге асырған жумыслары ҳәм жаратылған имканиятлар, өнимлерди сертификатластырыў, өлшеў ҳәм сынаў лабораториялары  менен таныстырыўға арналған медиа-тур өткерилди.

Илаж «Қарақалпақстан сынаў ҳәм сертификатластырыў орайы» мәмлекетлик кәрханасы мәжилислер залында орай хызметкерлери ҳәм журналистлердиң қатнасыўындағы дөгерек сәўбети менен басланды. Онда орай директоры Ш.Худайбергенов ҳәм Сынаў комплекси баслығы Т.Арзуовалар  «Қарақалпақстан сынаў ҳәм сертификатластырыў орайы» мәмлекетлик кәрханасы ҳәм оның Аккредитацияланған сынаў лабораториялары тәрепинен 2018-2019-жылларда әмелге асырылған жумыслар бойынша толық мағлыўмат берди.

Баянатларда атап өтилгениндей, стандартластырыў, метрология ҳәм сертификатластырыў системасын және де жетилистириў, халықаралық стандартларды ҳәм техникалық регламентлерди системалы енгизиў, Өзбекстан Республикасы Миллий эталонлар базасын раўажландырыў тийкарында жергиликли өнимлердиң бәсекиге шыдамлылығын арттырыў, сондай-ақ, «Өзстандарт» агентлиги структурасын халықаралық талапларға муўапықластырыў мақсетинде қабыл етилген Президентимиздиң «Өзбекстан стандартластырыў, метрология ҳәм сертификатластырыў агентлигиниң жумысын жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарарына муўапық, 2017-жылы «Қарақалпақстан сынаў ҳәм сертификатластырыў орайы» мәмлекетлик кәрханасының жаңа имараты пайдаланыўға тапсырылды ҳәм заманагөй сынаў және өлшеў үскенелери менен тәмийинленди.

Орайда бүгинги күнде сертификатластырыў, метрология, сапа структураларын енгизиў бөлимлери ҳәм сынаў лабораториялары комплекси жумыс алып бармақта. 2019-жылдың өткен дәўири ишинде аккредитацияланған сынаў лабораторияларында 928 сынаў протоколы, сертификатластырыў бөлими тәрепинен 437 муўапықлық сертификаты рәсмийлестирилген. Орай жанындағы физикалық-химиялық көрсеткишлерди сынаў лабораториясы халықаралық аккредитациядан өткерилип, усы лабораторияның аккредитациясы қатарына киргизилген аўыл-хожалығы ҳәм мийўе-овощ өнимлерине берилген сынаў протоколы ILACға ағза мәмлекетлерде тән алынатуғын болды. Қарақалпақстан Республикасында экспортқа шығарылып атырған 14 түрдеги аўыл-хожалығы ҳәм мийўе-овощ өнимлерин халықаралық дәрежеде сынаў алып барыўға имканият жаратылды.

Қарақалпақстан Республикасында ҳәрекет етип атырған кәрхана ҳәм шөлкемлер ишинен 1928 өндирис субъектлери таңлап алынып, оларда халықаралық стандартларды басқышпа-басқыш енгизиў бойынша тармақ кестеси ислеп шығылған. Бүгинги күнде 252 кәрхана ҳәр қыйлы дәрежедеги сертификатларды қолға киргизген.

2019-жылы 71 кәрханада сапа системаларын енгизиў режелестирилген болып, быйыл биринши шеректе 22 кәрханада усындай илажлар алып барылды ҳәм бесеўинде енгизилген система сертификатластырылды.

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, Аўыл хожалығы министрлиги, Фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңеси «Қарақалпақстан сынаў ҳәм сертификатластырыў орайы» мәмлекетлик кәрханасы менен биргеликте аўыл-хожалығы әмелиятына заманагөй стандартларды енгизиў мақсетинде исбилерменлердиң  билим ҳәм тәжирийбесин арттырыўға да айрықша итибар қаратпақта. Усы мақсетте экспортёр кәрханалардың, фермер хожалықларының, мийўе-овощ жетистиретуғын ҳәм қайта ислейтуғын кәрханалардың басшы ҳәм жуўапкер хызметкерлери ушын «Global  G.A.P» стандартларын енгизиў бойынша оқыў семинарлар өткерилди.

Дөгерек сәўбетинен соң, медиа-тур қатнасыўшылары «Panaev Farms» фермер хожалығы, «Nukus Polimer» жуўапкершилиги шекленген жәмийети цехларында болып, өндирис процеси менен танысты. Бүгинги күнде «Panaev Farms» фермер хожалығында 30 дан аслам сүт өнимлери ислеп шығарылады ҳәм олардың барлығы тийисли сынаўдан өткерилип, сертификатластырылған. «Nukus Polimer» жуўапкершилиги шекленген жәмийетинде болса, Шортан ҳәм Үстирт газ-химия комплексинен шығатуғын шийки зат – полимер өними қайта исленип, узынлығы 12 метрлик, диаметри 16 миллиметрден 630 миллиметрге шекемги суў қубырлары, 16 миллиметрден 315 миллиметрге шекемги газ қубырлары ислеп шығарылады. Бул өнимлерди үзликсиз ислеп шығарыўға берилген муўапықлық сертификатлары Орай тәрепинен ҳәр үш жылдан жаңадан берип турылады.

Сондай-ақ, журналистлер «Қарақалпақстан сынаў ҳәм сертификатластырыў орайы» мәмлекетлик кәрханасының  тәбийғый газ өнимлерин сынаў лабораториясында өнимлерди сынаў процесин көзден өткерди. Кем қуўатлы электр үскенелерин сынаў, үлги қабыллаў ҳәм үлгилерди сынаўға таярлаў ханаларында хызметкерлердиң жумыс алып барыўын бақлап турды. Усы жердиң өзинде ҒХҚ ўәкиллерин қызықтырған сораўларға Сынаў комплекси баслығы Т.Арзуова жуўап берди.

– Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятларда медиа-турларды өткериўимизден тийкарғы мақсет – өндирис кәрханаларында, исбилерменлик субъектлеринде экспорт етиў мәселелери, өнимлердиң сапасын арттырыў, стандартластырыў, сертификатластырыў бағдарында бар машқалаларды орынларда үйренип, оларға әмелий жәрдем бериў, -дейди «Өзстандарт» агентлиги баспасөз хызмети баслығы Абдурауф Расулов. – Бүгинги күнде елимиздиң барлық аймақларында, солардың қатарында, Қарақалпақстан Республикасында да үлкен реформалар әмелге асырылмақта. Әсиресе, өндирис кәрханалары, исбилерменлик субъектлерине айрықша итибар қаратылмақта. Мине усы процесслер шеңберинде басқа тараўлар, министрликлер ҳәм мәкемелер қатары «Өзстандарт» агентлиги тәрепинен әмелге асырылып атырған илажларды  ғалаба хабар қураллары арқалы жәмийетшиликке жеткериў мақсетинде медиа-турлар өткерип атырмыз.

Медиа-тур шеңберинде журналистлер «Қарақалпақстан сынаў ҳәм сертификатластырыў орайы» мәмлекетлик кәрханасының жумысы ҳәм оның аймақтағы өндирис кәрханалары менен бирге ислесиўи ҳаққында кең түрде мағлыўматларға ийе болды.

М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.