Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары жумысларын муўапықластырыў бойынша Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң берген мағлыўматларына қарағанда, өткен 15-май күни республикамыздағы 26 пуқаралар жыйынларында сайлаў өткерилди.

Усы күнге шекем, 325 пуқаралар жыйынларының баслық(ақсақал)лары сайланды. Өткерилген сайлаўларда 94 мыңнан аслам ўәкил даўыс берди. Бүгинги күнге шекем сайланған пуқаралар жыйынлары баслықларының 190ы биринши мәрте сайланғанлар болып есапланады. Ал, 135и әмелдеги баслықлар, соннан 37и ҳаяллар, 11и  депутатлар.

Бул сайлаўларда 765 талабан қатнасты. Ҳәр бир орын ушын орташа 2,4 талабаннан туўра келмекте.

Еслетип өтемиз, Қарақалпақстан Республикасы бойынша 411 пуқаралар жыйынлары баслығы (ақсақалы) лаўазымларына, жәми 1537 талабан дизимге алынған болып, соның 1309ы усыныс етилген.

Республикамызда пуқаралар жыйыны баслығын (ақсақалын) сайлаў даўам етпекте.

 

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.