«Устаз жолы» газетасының 2019-жыл 29-апрельдеги санында Абулқасым Өтепбергеновтың «Бердақты ким қалай түсинип атыр?» атлы мақаласы жәрияланды. Мақала толығы менен 2018-жылы «Илим» баспадан шығарылған «Бердақ. Шығармалар топламы» китабына бағышланған.

Автор мақала басында Бердақ туўралы жазыўдың оғада жуўапкерли ҳәм машақатлы екенлигин тән алған ҳалда, Бердақ шығармаларының «түп нусқасы болмағаннан кейин, аўыздан жазып алынған нәрседе қәте-кемшиликлердиң кетиўи тәбийий нәрсе» деп дурыс атап өтеди. Усылай дейди де, «шайырдың бурынғы басылымлары мына басылымнан әдеўир абзаллаў екенине көзиң жетеди» деп, илимий хызметкерлер жәмәәти тәрепинен таярланған топламға кескин унамсыз пикир билдиреди.

Биз бул жерде А.Өтепбергеновтың «тилшилик шеберлиги» жөнинде сөз етпекшимиз. Себеби ҳәр қандай тил қубылысы арнаўлы таярлықты талап етеди, үстиртин пикирлерди көтермейди. Тилге байланыслы билдирилген ҳәр қандай дилетантлық пикир субъектив характерде болады ҳәм көпшилик жағдайларда оқыўшыларды алжастырады. «Дилетант» сөзине сөзликлерде мынадай түсиниклер берилген: «любитель, занимающийся каким-либо искусством или наукой без специальной подготовки, поверхностно знакомый с какой-либо областью науки или искусства» (Словарь иностранных слов. – Москва: Русский язык, 1988. с. 168); «ҳаваскор, юзаки ишқибоз, шунчаки қизиқувчи» (Русча-ўзбекча луғат. Т.1. – Тошкент, 1983. – 252-б.); «илимниң я искусствоның тараўы менен үстиртин таныс адам» (Русша-қарақалпақша сөзлик. – Москва, 1967. 191-б.).

Солай екен, А.Өтепбергеновтың пикирлерин тил қәнигеси көзқарасынан таллап көриўге ҳәрекет етейик.

Автор «Ҳақыйқатына келетуғын болсақ, қарақалпақларда «доңыз» жылы деп айтылмайды, «қара кийик» деп аталады. Мусылманлар бул заттың атын айтыўдан да жийренеди» деп тастыйықлайды. Бул жерде авторға төмендеги дәреклерге итибар бериўин усыныс етемиз.

«Туркий халқлар фойдаланган тақвимлар қарийб уч минг йиллик тарихга эга бўлиб, улар орасида мучал ҳисоби алоҳида ажралиб туради. Абу Райҳон Берунийнинг «Қадимги халқлардан қолган ёдгорликлар», Маҳмуд Кошғарийнинг «Девони луғатит-турк» асарларида келтирилишича, ушбу даврий йил ҳисобига 12 та жонивор номи киритилган. Булар — сичқон, сигир, йўлбарс, қуён, балиқ, илон, от, қўй, маймун, товуқ, ит ва тўнғиз.Тарихий манбаларда қайд этилишича, мазкур 12 йиллик ҳисоб туркий халқларнинг асл йил тақвими саналади» («Халқ сўзи» газетасының online версияси: http://old.xs.uz); «Албатта, Мучал йиллари тўғрисида турли миллатлар турлича фикр-хулосага эга бўлишган. Мучал ҳисобига киритилган ҳайвонлар хосиятли ва муқаддас саналган. Айтайлик, Балиқ йили серёғин келади ва экинлардан мўл ҳосил кўтарилади. Негаки, бу “луқмаи ҳалол” сувда яшайди. Товуқ йилида ҳам озиқ-овқат сероблашади, лекин одамларнинг ташвиши ортади. Худди шунингдек, Тўнғиз йилида ёғингарчилик кўпайиб, нарх-наво арзонлашса-да, тез-тез қор ёғиб, совуқ забтига олади, боз устига, фитналар авжига чиқади ва ҳ.Маҳмуд Кошғарийнинг “Девону луғотит турк” асарида ёзилишича, бунга ўхшаш эътиқодий тушунчалар туркий халқлар орасида анча оммавийлашган. Улар йилларнинг ҳар бирида ўзига яраша бетакрор ҳикмат бор деб ҳисоблашган ва шунга тааллуқли тахминларни илгари суришган (http://biznes-daily.uz).

Автор «дал» сөзине берилген түсиникти қәте деп есаплайды. Биз сөзликте «Қәддим дал» деген теңеўди емес, «дал» сөзиниң өзин нәзерде тутқанбыз. Сөзликлерде бул сөзге былайынша түсиниклер берилген: «1. Араб алфавитиниң сегинши ҳәрибиниң аты. 2. Тап өзи, жүдә мегзес, уқсас. 3. Саррас, нақ, туўры; ийин, төбе» (Қарақалпақ тилиниң түсиндирме сөзлиги. Т. 2. – Нөкис: Қарақалпақстан, 1984); «1. Тик, тикка, адил. 2. Худди, нақ, қоқ, аниқ. 3. Бир оз қийшайтириб, яримта қилиб. 4. Бутун, борича, баланд. 5. Ёнғоқ, данак ўйинларида соққанинг ганга энг яқин турган ҳолати ҳақида. 6. Кифт, елка» (Ўзбек тилининг изоҳли луғати. Т.1. Тошкент: «Ўзбекистон миллий энциклопедияси» Давлат илмий нашриёти, 2006. – 638-б.). Буннан тысқары, «дал» сөзиниң қарақалпақ тили бойынша сөзликлерде келтирилмеген тағы бир мәниси бар: пилле қурты ушын шаўып алынатуғын жапырақлы тут шақасы. Биз бул жерде авторға сөзлик дүзиўдиң өз тәртип-қағыйдалары бар екенлигин ескертип өткимиз келеди.

А.Өтепбергенов сөзликтеги «рәфрәф» сөзине берилген түсиникти қәте деп есаплап, «бул сөзликти дүзген инимиз орыс филологиясын питкерген болыўы мүмкин. Орысша дәреклерде усындай түсиниклер бар шығар, ал бирақ мусылман әлеминде Пайғамбарымыз (с.ә.ў.) Миражға Бурақтан басқа атты өзгертти деген ҳешбир жерде дерек жоқ» деп үзил-кесил тастыйықлайды.

Бул жерде бизиң шахсымызға, мусылманлық намысымызға тийетуғын сөзлер айтылғанлығы себепли толығырақ тоқтап өтиўге туўра келеди.

Бириншиден, бизге илим жолында жол-жорық берген устазларымыз – академиклер Мирфатых Закиев (Татарстан), Муратгелди Соёгов (Түркменстан), профессорлар Есемурат Бердимуратов (Қарақалпақстан), Гаян Суфиянович Амиров (Ташкент), Николай Николаевич Холодов (Иваново, Россия), Вера Васильевна Бабайцевалар (Москва, Россия) тил илиминде ҳәр бир қубылысты бурын айтылған пикирлерге сүйенген ҳалда, анық фактлер менен, тийисли тил материалынан келип шығып, ал егер бурын тийисли пикирлер билдирилмеген болса, тиккелей изертленип атырған контексттен келип шығып, илимий жақтантүсиндирип бериўди үйреткен. Сонлықтан да биз бул сөзликте келтирилген ҳәр бир сөз қайсы дәрекке, қайсы пикирге, қайсы текстке тийкарланып  түсиндирилгенин үй китапханамызда сақлаўлы жүзге жақын түрли сөзликлерге сүйенген ҳалда бизиң қалыс мийнетимизге гүманланыўшы ҳәрбир адамға көрсетип ҳәм түсиндирип бериўимиз мүмкин.

Екиншиден, ҳеш бир филология питкерилмейди, не бир мен-мен деген уллы алымлар да филологияның шегине жете алмаған. Дурыс, биз Қарақалпақстанда биринши болып рус тилиниң синтаксиси бойынша кандидатлық диссертация жақлағанбыз. Лекин бул бизди орысқа айланды, қарақалпақ тилин билмейди дегени емес. Қанлыкөлдеги «Мүйтен аўыл»да туўылып-өсип, қарақалпақ мектебинде тәлим алған, қарақалпақ дәстанларынан нәр алған, қарақалпақ тили менен қатар бес-алты түркий тиллерди еркин өзлестирген, 100 томлық «Қарақалпақ фольклоры»н  баспаға таярлаўда 6 мың беттен аслам қолжазбаларды сөзбе-сөз биримлеп оқып, редакторлаған, он атасын шынжырма-шынжыр ядқабилгенмүйтенниң кеңтанаўы, кеңтанаўдың жекенсалы қарақалпақ тилин, мусылманша түсиниклердибилмейди, деп айып тағыў не деген сумлық?!

Үшиншиден, пүткил мусылман әлеминиң атынан сөйлеп, жөн алды қарабарақ даўрық салғанша, автор өзи жақсы таныс болған түркмен тилиндеги шығармаларды, ең алды менен өзи қарақалпақ тилине тәржима қылған Мақтымқулы дөретпелерин еле де көбирек, тереңирек үйрениўин усыныс еткен болар едик. Ал тиккелей «рәфрәф» сөзине байланыслы пикиримиз А.Өтепбергеновқа толығырақ түсиникли болыўы ушын түркмен тилиндеги текстлерди келтирейик. Мақтымқулының «Сaчды Муҳаммет» қосығында мынадай қатарлар бар:

Aşyklar baş olup, yşka münende,

Tura nazardüşüp, daglarýananda,

Byraggökdengelip, ýereinende,

Refrefmünüp, arşauçdyMuhammet.

(Magtymguly. Saýlanan eserler. Aşgabat, 2008).

Бундағы «refref»сөзин тәржиман-шайыр Абулқасым ағамыздың билмегени қалай? Ал түркменстанлы илимпаз А.Мередов тәрепинен дүзилген «Мақтымқулының түсиндирме сөзлиги»нде болса былай келтирилген:

Refref (a. Rafraf) رفرف – 1) guşuň gonmak üçin ganat kakmagy; 2) näzik we nepis owadan geyimler; 3) yazylyan düşek; saçak; 4) sowuk şemal; tiz ösyän el; 5) Ysrafyl perişdäniň orny; 6) at (konü), dini düşünje boyunça, göyä, Muhammet pygamberiň asmana uçan aty. Ol, göyä, ilki Byrag münüp, soň asmandan gelen Refrefe münüp uçyar(A. Meredov. Magtymgulynyň düşündirişli sözlügi.Eýran,Günbed Kabus, 1997. – 241-s.).

Бундай қатарлар Алишер Наўайы шығармаларында да ушырасады:

Рафраф йўлиға қадамни солиб,

Бир-бир оти бирла пайки қолиб (А.Наўайы. Ләйли-Мәжнүн).

Усындай аттан анық мағлыўматлар бола тура, айдалаға айқай салып, биреўди тийкарсыз айыплаў шайырлыққа да, инсаныйлыққа да туўра келмесе керек?!

А. Өтепбергенов «Субҳан» сөзине берилген түсиникти де қәте деп есаплайды. Бизең алды менен әлҳамдулулла мусылманбыз. «Субҳаналлаҳ» сөзиниң мәнисин да жақсы билемиз. Бирақ бул жерде Бердақ шайыр шығармаларының контекстинен келип шығып, ақылға муўапық пикир жүргизиў дурысырақ болады. Шынында да, Алишер Наўайы шығармаларының төрт томлық түсиндирме сөзлигинде «Субҳоноллоҳ – оллоҳ ҳамма нуқсанлардан покдир» деп түсиник берилген. Соның менен бирге, усы беттиң өзинде «Субҳоний – Оллоҳ, Тангри» деген түсиник те бар (Алишер Навоий асарлари тилининг изоҳли луғати. Т. 3. – Тошкент, 1984. – 117-б.).

Усыларды есапқа алғанда, Бердақтың «Хорезм» шығармасында келтирилген:

…Йоқдын бар әйләди Субҳан,

Қудрәт билән йеру-асман,

Бәрчә йулдузлар зийнәти.

Ал «Шежире»деги:

Бала-ананың көз йашы,

Урды фәләкниң гәрдиши,

Сабыр қылмақ мәрдниң иши,

Шүкри Субҳан қылған екән, –

деген қатарлардғы «Йоқдын бар әйләди Субҳан»,  «Шүкри Субҳан қылған екән» ибараларын оқыўшыларға қалай түсиндириўимиз керек? А.Өтепбергенов айтқанындай, «Аллаҳ ҳәмме нуқсанлардан пәкдур» деп түсиндирсек, оқыўшылар ҳеш нәрсени уғына алмайды, себеби бундай талқылаўшығарма текстиниң мазмунынаулыўма уғраспайды. Бизге шекем жазба нусқада жетип келген ҳәм ҳүрметли устаз, академик ағамыз Ҳүсниддин Ҳәмидовтың пидәкерлик ғайраты менен илимий айланысқа түсирилген бул шығармаларда «Субҳан» сөзи «Алла» мәнисинде берилген болса, демек, бул да уллы Бердақ бабамыздың шайырлық шеберлиги. Усы ибараларды «Жоқтан бар әйледи Алла», «Аллаға шүкирлик қылған екен» деп түсиндирсек, шығарма мазмунына толық сәйкес келеди. Сөзлик дүзгенде биз де тексттен келип шығатуғын усы мазмунды нәзерде тутқанбыз. Пикиримизди Алишер Наўайының түсиндирме сөзлигинде келтирилген мына қатарлар да тастыйықлайды:

Ҳар кимга етар мавҳибати Субҳоний,

Ким айлагай они олими раббоний

(Хамсатул-мутаҳҳаййирин, XIV-10)

 

Жуўмақлап айтқанда, тил мәселесинде пикир билдирмекши болған ҳәр бир адам үйренилип атырған текстти илимий жақтан терең талқылап бериўге тырысыўы лазым. Кери жағдайда, мақаламыз басында айтып өткенимиздей, дилетантлық, яғный шамаламай айтылған пикирлер менен оқыўшыларымызда надурыс пикирлер пайда етиўимиз турған гәп. Ал, шайыр А.Өтепбергеновқа болса, Бердаққа еликлеп, төмендеги ҳәзил қатарларды арнаймыз:

Дилетант атын минипсең,

Пырағың таслап ушты ма?

Орыс деп бизди минепсең,

Гүллән ўәжиң тек те сол ма?

 

Жүйрикпен деп жортақлайсаң,

Түбир сөзден алшақлайсаң,

Дәйексиз сөз шатпақлайсаң,

Сәл нийетиң басқарақ па?

 

Әбекең сөз шыжбайлайды,

Түсингенлер бас шайқайды,

Пырағыйды тән алмайды,

Сәл саўаты жупқарақ па?

 

Айтмурат Альниязов, филология илимлериниң кандидаты, «Алтын қәлем» миллий сыйлығының лауреаты