Бул ҳаққында Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2019-жыл 5-апрельдеги «Улыўма билим бериў мектеплери ушын альтернатив сабақлықларды жаратыў ҳәм олардан пайдаланыў системасына басқышпа-басқыш өтиў механизмин енгизиў илажлары ҳаққында»ғы қарарында келтирип өтилди.
Бул қарарда улыўма билим бериў мектеплери ушын жаратылып атырған сабақлықлар ҳәм оқыў-методикалық комплекслердиң сапасын арттырыў, оқыўшыларды сабақлықлар менен толық тәмийинлеў, сапалы сабақлықларды таңлаў имканиятларын кеңейтиў, бәсекиге шыдамлы, альтернатив сабақлықларды жаратыў және олардан пайдаланыў системасына басқышпа-басқыш өтиў механизмин енгизиў мақсети жәмленген.
Қарарға бола, Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги улыўма билим бериў мектеплери ушын жаратылатуғын альтернатив сабақлықларды таяныш мектеплеринде 2020-2021-оқыў жылынан баслап тәжирийбе-сынақтан өткереди.
Альтернатив сабақлықлар деген өзи не?
Альернатив сабақлықлар – Халық билимлендириў министрлиги тәрепинен бир оқыў пәнинен оқыўшыларға усыныс етилген тийкарғы сабақлықлар менен бир қатарда айрықша ямаса қосымша түрде пайдаланыў мүмкин болған сабақлықлар есапланады.
Қарар менен тастыйықланған Режеге муўапық, альтернатив сабақлықларды таяныш улыўма билим бериў мектеплеринде тәжирийбе-сынақтан өткериў менен бирге мазмуны, дизайны жағынан жетилистириў мақсетинде министрликтиң рәсмий веб-сайтында онлайн тәризде кең жәмийетшиликтиң додалаўына қойылады. Пикир ҳәм усыныслар алынады.
Улыўма билим бериў мектеплерин альтернатив сабақлықлар менен тәмийинлеў ықтыярий түрде ата-аналар, мектептиң педагогикалық топарлары ҳәм қәўендерлик қайырқомлықлары ҳәм нызамшылықта қадаған етилмеген басқа да дәреклер есабынан әмелге асырылады.
ӨзА