Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министри Салаўатдин Худайбергенов өзи оқыған Кегейли районындағы 20-санлы улыўма билим бериў мектебинде Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгенлигиниң 26 жыллық байрамы мүнәсибети менен ушырасыў өткерди.
Бүгинги күнде республикамыз бойлап «Өзим оқыған мектепке мениң китап саўғам» акциясы шеңберинде министр тәрепинен мектеп китапханасына Конституция ҳәм нызам ҳүжжетлери, 100ге шамалас өзбек, қарақалпақ ҳәм рус тилиндеги ең жақсы китаплар ҳәм де компьютер саўға етилди.
Саўға етилген компьютерге Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикасының норматив-ҳуқықый ҳүжжетлери жайластырылған болып, бул өз гезегинде тек мектеп жәмәәти ушын емес, ал сол аймақта жасайтуғын пуқаралар ушын да нызам ҳүжжетлерин алыў имканиятын береди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.