Бурын хабар етилгениндей, Президентимиздиң басламасы менен экологиялық аўыр шараятларда жасап атырған республикамыздың, әсиресе, Мойнақ районы халқының турмыс дәрежесин жақсылаў, Арал теңизиниң қурыўы себебинен келип шыққан экологиялық жағдайды жумсартыў, аймақта жасыл тоғайзарлықларды пайда етиў бойынша көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң усы жыл 16-январьдағы «Қарақалпақстан Республикасының Мойнақ районын комплексли социаллық-экономикалық раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарарына муўапық, район барлық зәрүрли инфраструктураларға, атап айтқанда, инновациялық мектеп, спорт объектлери, емлеў-профилактикалық мәкемелери, заманагөй аэропорт, мийманхана, саўда ҳәм кеўил ашар дем алыў орайлары, «селфи объект»лери, оптикалық сымлы интернет тармағы, IP-телевидениеге ийе болған заманагөй қалаға айландырылады.
Бүгинги күнде районда әмелге асырылып атырған усындай дөретиўшилик жумысларға көмеклесиў мақсетинде республикамыздың барлық аймақларынан жәрдемшилер келмекте.
Усы қарарға муўапық, ӨзМТДП Орайлық Кеңеси баслығының орынбасары, Олий Мажлис Нызамшылық палатасындағы ӨзМТДП фракциясының ағзасы Алишер Ҳамроев, фракция ағзалары, Козим Тожиев, Жолдасбай Абдижамилов, Олий Мажлис Сенаты ағзасы, Өзбекстан қаҳарманы Ғайратдин Хожаниязов ҳәм басқалар, партияның Орайлық Кеңеси, Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси ўәкиллериниң, депутатлардың қатнасында Мойнақ районына барды.
Партия ўәкиллери район орайынан 45 километрлик қашықлықта жайласқан «Бозатаў» АПЖдағы 9-санлы, «Мәдели» АПЖдағы 12-санлы улыўма билим бериў мектеплерине барып, ол жердеги жумыслар менен танысты. Олар тәрепинен усы мектеплерге 2 компьютер топламы, 100 дана китап саўға етилди. Сондай-ақ, усы мектеплердиң әтирапларында абаданластырыў жумыслары әмелге асырылып, ҳәр қыйлы гүллердиң нәллери отырғызылды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.