Саудия Арабстаны Патшалығы Саўда-санаат палаталары кеңеси бас хаткери Сауд бин Абдулазиз әл-Машарий басшылығындағы делегация мәмлекетимизде мийманда болмақта.

Бизге белгили, 2018-жыл декабрь айының басында Саудия Арабстанында Өзбекстан делегациясы Саудия инвестициялар бойынша агентлигиниң баслығы Иброҳим ал-Умар ҳәм Саудия раўажланыў қорының мәсләҳәтшиси Юсуф ал-Бассам менен сөйлесиўлер өткерген еди.

2018-жылдың 12-декабрь күни Саудия Арабстаны Патшалығы Саўда-санаат палаталары кеңеси баслығы Сами бин Абдуллоҳ ал-Убайдий басшылығындағы  делегацияның мәмлекетимизге еткен сапары болса ҳәр еки тәрептиң өз-ара пайдалы бирге ислесиўди раўажландырыўдан бирдей мәпдар екенлигин көрсетти.  Ушырасыўлар даўамында саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық тараўлардағы бирге ислесиўди раўажландырыўдың перспективалы бағдарлары додаланған еди. Сауд бин Абдулазиз ал-Машарий басшылығындағы исбилермен топары ўәкиллериниң бул ретки келиўи әне сол сөйлесиўлердиң логикалық даўамы болып, онда еки мәмлекет исбилермен топарлары саўда-экономикалық бирге ислесиўди беккемлеў, қоспа кәрханаларды көбейтиў, инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў бойынша пикир алысыў имканиятына ийе болды.

Делегация қурамынан Саудия Арабстанының саўда-экономикалық, азық-аўқат, аўыл хожалығы, тоқымашылық санааты, қурылыс, энергетика  сыяқлы тараўларда жумыс алып барыўшы 20 дан зыят компания ўәкиллери орын алған. Олардың арасында«Far East», «Awad Group», «Dhel al-Nakheel», «Rabee company», «Dollar Construction Est», «Acwa Power» сыяқлы компаниялардың ўәкиллери өзбекстанлы исбилерменлер менен аўыл жожалығы, жеңил санаат, азық-аўқат, туризм, саўда, энергетика сыяқлы тараўларда бирге ислесиўди жолға қойыў мақсетинде, Ташкентте 3-апрель күни өткерилген Өзбекстан-Саудия Арабстаны бизнес ушырасыўында олардың бирге ислесиў бойынша усыныслары көрип шығылды.

Ушырасыўда мәмлекетимиздиң Ташкент қаласы, ўәлаятларында аўыл хожалығы, тоқымашылық, туризм, азық-аўқат тараўларында жумыс ислеп атырған 100 ден зыят исбилермен топарлар қатнасты. B2B форматында болып өткен сойлесиўлерде еки мәмлекет исбилерменлериниң усынған қоспа жойбарларының көргизбеси өткерилди.

Мәмлекетимизде Саудия Арабстаны исбилерменлериниң капиталы қатнасыўында агро туристикалық база шөлкемлестириў «M 1000» маркалы цемент ислеп шығарыўды жолға қойыў әне усындай перспективалы жойбарлардан бири сыпатында шерик мәмлекеттиң исбилерменлеринде үлкен қызығыўшылық оятты.

-Бүгинги бизнес илажда Саудия Арабстанының  «Far East» компаниясының ўәкиллери менен Әндижан ўәлаятында мийманхана қурыў бойынша дәслепки келисимге еристик,-дейди исбилермен Маруфшоҳ Абидшаев.-Келисимге муўапық, мийманхана жойбары экспертизадан өткериў ушын шерик тәрепке усынылды. Соннан кейин «Far East» ўәкиллери жойбарды әмелге асырыўға байланыслы қаржы киргизиў мәселесин көрип шығады.

Сапар даўамында Саудия Арабстаны делациясы Хорезм ўәлаятында болып өтетуғын халықаралық инвестициялық форумда да қатнасады.

Малоҳат ҲУСАНОВА,

ӨзАның хабаршысы