Жердеги адамлардың саны 2019-жылы 7,7 миллиардқа жетти. 2050-жылда болса 9,7 миллиардқа жетиўи мүмкин делинген БМШ Бас хаткериниң баянатында.
Халықтың санының өсиўи жасаўдың узайғаны, туўылыўдың азайыўы ҳәм жедел урбанизация процеси менен байланыслы, делинеди БМШтың Нью-Йорьктағы штаб-квартирасында жумыс баслаған 51-сессияда Халық ҳәм раўажланыў комиссиясына усынылған баянатта.
Ҳәзирги ўақытта дүньяда туўылыўдың орташа дәрежеси бойынша бир ҳаялға 2,5 бала туўра келмекте. 2030-жылға келип бул көрсеткиш 2,4 балаға туўра келеди.
Улыўма халық санында 65 ҳәм оннан үлкен жастағылардың үлеси артпақта. Ҳәзирги күнде олардың 19 проценти Европаға, 16 проценти Арқа Америкаға туўра келеди. 2050-жылға келип бул көрсеткиш 28 ҳәм 23 процентти қурайды. Бул дәўирге келип, кексе жастағылардың үлеси Азия, Латын Америкасы ҳәм Кариб теңизи мәмлекетлеринде ҳәзирги 8 проценттен 18 процентке артады. Ең жас халыққа ийе болған Африкада 2050–жылда кексе жастағылар халықтың улыўма санының 9 процентин қурайды.
Ҳәзирги ўақытта дүнья халқының шама менен 56 проценти қалаларда жасайды. Бул көрсеткиш 2030-жылға келип 60 процентти, 2050-жылда 68 процентти қураўы мүмкин.
Соңғы 25 жыл ишинде пүткил дүнья бойынша халықтың күн көриў шараяты бир қанша жақсыланған. Жоқшылықта күн көриўшилердиң саны сезилерли дәрежеде азайған, аналар өлими 40 процентке кемейген, жасаўдың даўамлылығы өскен. 1994-жылдан 2019-жылға шекем бес жасқа шекемги балалардың өлими 54 процентке азайған. Жер Жузи бойынша узақ жасаў өсип, 1994-жылдағы 64,9 проценттен 2019-жылда 72,3 процентке көтерилген. 2030-жылда бул көрсеткиш еки есеге артыўы болжанбақта.
Г.Азимова,ӨзА