«Өзархив» агентлигинде Қазақстан Республикасының Өзбекстандағы Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Бейбут Атамқулов басшылығындағы делегация ағзалары менен ушырасыў болып өтти.

Онда Өзбекстан ҳәм Қазақстан арасындағы жақсы қоңсышылық ҳәм стратегиялық шериклик қатнасықларын жаңа басқышқа көтериў, архивлер арасындағы бирге ислесиўди әмелий мәнис-мазмун ҳәм әҳмийетли басламалар менен байытыў, бул бағдардағы қатнасықларды кеңейтиў ҳәм ҳәр тәреплеме раўажландырыў мәселелери додаланды.

Илаж даўамында архив бойлап экскурсия шөлкемлестирилип, архивте ҳүжжетлер сақланыўын тәмийинлеў, оларды реставрациялаў ҳәм санластырыў процесслери менен таныстырылды.

Ушырасыў соңында әҳмийетли келисимлерге ерисилди.

ӨзА