Мениң жас өспирим балалық дәўирим Екинши жер жүзилик урыс жылларына туўра келген еди. Баслаўыш класста оқып жүрген ўақтымда сабақлық китаплардан көре ертек ҳәм дәстанларды көбирек оқығанымды жасырмайман. Азанда уйқыдан оянсам болды, түнде көпшигимниң астына қойған китапты алып, оған үңилиўди баслайман. Буны көрип жүрген апам: «Сен неге китап көрсең, ишинен бир нәрсе шығып киятырғандай үңилесең де отырасаң? Тур орныңнан, сыйырды падаға қосып, бузаўға от әкелип сал!» дейди. Сонлықтан, орақты қолыма алып, сыйырды падаға қосып, қайтарсын пахтаның астындағы суўшигин аралас пәшектен бир баў орып, бузаўдың алдына әкелип таслайман. Сөйтемен де тағы китапқа үңилиўди баслайман. Мениң бул әдетти жуўық арада қоймайтуғынымды сезип жүрген апам, күнлерден бир күни базарға барғанда маған «Сын полка» деген орысша китап әкелип берди. «Апа, мен орысшаға түсинбейменғой» деп едим: «Басқалар түсингенде сен неге түсинбейсең? Мен буны сениң ушын китап дүканға барып, мениң балама қолайлы орысша китабың барма ?»-деп сорап едим, дүканшы усыны берген соң сатып алдым. Ҳәзирше түсинбесең соң түсинесең. Гәпти көбейтпе. Сылбырап жүре бермей, усыны оқып үйрен оннанша. Ендигиден былай ел тынышлық болса, сениң заманыңдағы адамлар түўе ийтлерге дейин орысшалып үреди» деген ўақытта не деримди билмей, тым-тырыс болып қалдым.
Сөйтип жүргенде әдебиятқа қызығыўшылығым 1948-жылы Шымбай баспаханасынан шыққан Әжинияздың бир баспа табақ көлеминдеги кишкене қосықлар жыйнағынан басланған еди. Бир сапары жаздың күнлери усы китапты тамның сыртындағы шертектиң саясында дүс төмениме түсип сыбырлап оқып жатырсам, қапталымда песин намазын оқып болған кемпир апам (анамның анасы) шайыр деп айтпа, ахун деп айт» деп ескертип қойды. Қәйдем … Бирақ соннан баслап Әжинияз әдебият тараўындағы мениң биринши руўхый устазым болып, кеўлимде қәлиплесип қалды… Өйткени, Әжинияз қосықларындағы ҳәр бир сөзден тамшылаған ширели сезимлер кеўлиме мәлҳам бағышлайды. «Бозатаўлы нәзәлим» дей қосықты Әжинияздан басқа, арғы басы Х әсирдеги Хожа Ахмет Яссаўийден баслап, бержағы, XVII әсирдеги Мақтымқулы аралығындағы түркий тилдеги шайырлардың бирде-биреўи жаза алмаған екен. «Бозатаўлы (атаў емес) нәзелим» ниң соңында:
Көңлим сәдебини бир бир яздырып,
Қайта бастан гөне дәртим қоздырып,
Кәпир көзиң мусылманды азғырып,
Бийшара Зийўарды диннен бездирер,-деген қатарлар бар.
Әжинияз «Бозатаўлы нәзелим» ниң қарсы алдында бир тәбәссүм күтип, диннен безиўге таяр турғанда, онда ҳәзирги замандағы жигитлер не қылар екен? Не қылатуғын еди, жеңилтеклик етип жырқылдап күле бермей, сәл мыйық тартып, наз бенен тәбәссүм ететуғын қызды көргенде, мухаббат сезими қозған ҳәрқандай жигитлердиң жарыспаққа ышқы «конкурсы»на түсетуғыны турған гәп.
Таярлаған Г. Турдышова,
Қарақалпақстан хабар агентлиги