Қарақалпақ классик шайыры Әжинияз Қосыбай улыныӊ 200 жыллығына арналған кешелер тек елимизде емес, ал шет еллерде де көтериӊки жағдайда өткерилмекте. Туркиядағы Туркий халықлар Академиясы басламасы менен басып шығарылған «Қарақалпақ шайыры Әжинияз Қосыбай улы» китабын таныстырыў кешеси 27-сентябрь күни Анкарадағы Ҳажы Байрам Вели университетинде болып өтти.
Кешеге Туркий Академияныӊ президенти Шахин Мустафаев, Хажы Байрам Вели университетиниң ректоры Мехмед Наджи Бостанджы, сондай-ақ, туўысқан туркий еллерден келген дипломатия тараўыныӊ ўәкиллери менен алымлары катнасты.


“Өз шығармаларында түркий халықлардыӊ бирлигин жырлаған көрнекли шайыр Әжинияздың 200 жыллығы қарсаӊында оның дөретиўшилигин жаңлатыўға үлес қосқанымыздан қуўанышлымыз. ” — деди академик Шахин Мустафаев өзиниң шығып сөйлеген сөзинде. – Карақалпақстанда дүньяға келген Әжинияз тек жергиликли шайыр ғана емес, араб, парсы, қазақ және түркмен тиллерин жетик меңгерген ойшыл, лингвист болған. Ол өз шығармаларында түркий халықлардыӊ ортақ мәдений бирлигин жырлаған. Енди оның дөретпелери Түркий Академиясының аўдармасы менен түрк китап оқыўшыларына жол ашып отыр.”
Хажы Байрам Вели университетиниң ректоры Мехмед Наджи Бостанджы болса, Әжинияз Қосыбай улыныӊ адамзат тарийхыныӊ ўақыялары ҳәм ортақ географиямызды жақынластыратуғын баҳалылықлары туўралы қосықларға ийе жүдә уллы шайыр екенин атап өтти. Оныӊ баян етиўинше, Әжинияз шайыр пүткил түркий дүньясына белгили болыўға ылайық.


Бул кешеге Қарақалпақ мәмлекетлик университети профессоры, филология илимлериниӊ докторы Қуўанышбай Оразымбетов та қатнасты ҳәм шығып сөйледи.
Кешеде китапты таярлаўға үлкен үлес қосқан Хажы Байрам Вели университетиниӊ оқытыўшысы, доцент Хусейн Йылдырым, Қарақалпақ мәмлекетлик университети профессоры Қуўанышбай Оразымбетов, Әзербайжандағы Ататүрк орталығыныӊ президенти, профессор Низами Каферовлар шығып сөйлеп, шайыр Әжинияз Қосыбай улының өмири менен доретиўшилиги ҳаққында мағлыўматлар берди.
Кеше Әжинияз Қосыбай улыныӊ қосықларын оқыў менен жуўмақланды.

Б.Палўанов,

Қарақалпақ мәмлекетлик университети доценти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги