Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Баслығы Танзила Норбоева Қытайға сапары шеңберинде Пүткил қытай ҳаял-қызлар федерациясы баслығы Шэнь Ицинь ханым менен ушырасты.
Онда еки мәмлекеттиң тарийхый дослық қатнасықлары ҳәм жыл сайын жаңа дәрежеге көтерилип баратырған өз-ара бирге ислесиў байланыслары, мәмлекетлер басшылары арасында ерисилген әҳмийетли келисимлерди әмелге асырыў мәселелерине тоқтап өтилди.
Тәреплер ҳаял-қызлардың мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик турмыста, соның ишинде, экономиканың барлық тараўларында, қалаберди, еки мәмлекет дослық байланысларының беккемлениўинде белсене қатнасыўын тәмийинлеў бағдарындағы жумысларға итибар қаратты.
Бул бағдарда өз-ара тәжирийбе алмасыў, бирге ислесиў бағдарламаларын енгизиў бойынша пикир алысылды.
Сондай-ақ, Қытай менен саламат ана ҳәм бала бағдарламаларын даўам еттириў ҳәм белсенди ҳаял-қызлардың билим ҳәм көнликпелерин арттырыў бойынша оқыўларды шөлкемлестириў мәселелери көрип шығылды.
Н.Абдураимова, ӨзА