Москва қаласында шөлкемлестирилген Россия энергетика ҳәптелиги шеңбериндеги илажларда Өзбекстан Республикасы энергетика министри Жўрабек Мирзамаҳмудов басшылығындағы делегация да қатнасты.

Додалаў ўақтында тәреплер арасында бирге ислесиў перспективалары ҳаққында сөз болды. Атап айтқанда, Өзбекстанда жанылғы-энергетика тараўында әмелге асырылып атырған реформалардың орынланыўына да итибар қаратылды.

Энергетика министри Ж.Мирзамаҳмудов ҳәм Россия Федерациясы ҳүкимети баслығының орынбасары А.Новак арасында шөлкемлестирилген ушырасыў да усы ҳәптеликтиң әҳмийетли илажларынан бири болып есапланады.

Онда тәреплер Өзбекстан ҳәм Россия мәмлекетлери өз-ара пайдалы бирге ислесиўди беккемлеп атырғанын атап өтти. Бундай байланысларда жанылғы-энергетика тараўында әмелге асырылып атырған жойбарлар әҳмийетли орын ийелейди.

Министрликтиң мәлим етиўинше, өз-ара пикирлесиў ўақтында олар бул биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыўдың ҳәзирги жағдайы, гезектеги жумыслар ҳәм энергия тәмийнаты тараўындағы бирге ислесиў мәселелерине айрықша итибар қаратты.

Н.Зиёдуллаева, ӨзА