Парижде коммерциялық емес шөлкемлер Франция ҳүкимети үстинен судқа даўа арзасын киргизди. Олар мәмлекетти ықлым өзгерислерине байланыслы мәселелер бойынша ҳәрекетсизликте айыпламақта.
«Евроньюс»тиң анықлық киргизиўинше, шағым арзасы Париж админстративлик судына жолланған.
Атап өтилиўинше, Франция ҳүкимети менен байланыслы бундай ўақыя тарийхта биринши мәрте бақланбақта. Даўа арзасы киргизилгенге шекем ҳүкиметке мүрәжат бойынша петиция шөлкемлестирилип, оны 2 миллион адам қоллап-қуўатлаған.
ӨзА