Малайзияда 100 ден аслам мектеп токсин шығындылардың дәрьяға тасланыўы ақыбетинде жүзлеген адамлар, соның ишинде, балалардың зәҳәрлениўинен кейин ўақытша жаўып қойылды.

Өткен ҳәптеде қубла Жоҳор штатынын Пасир Гуданг қаласы жақынында жүк машинасы тәрепинен таслап кетилген шығындылардан тарқалған зыянлы газдың әтирапқа тарқалыўы ақыбетинде, сол әтирапта жасайтуғын халық арасында асқазан ишек ҳәм кеўил айныўы кеселликлери бақланған, деген шама айтылмақта.

Бернама мәлимлеме агентлигиниң тарқатқан хабарына қарағанда, көпшилиги оқыўшылардан ибарат болған 500 ге шамалас адам зәҳәрли ҳаўадан дем алыўы ақыбетинде емлеўханаға жатқарылған.

Усы тарқалған газдың қайсы түри екени еле анықланбаған.

Билимлендириў министри Масзли Малик дәслеп сәршемби  күни бул аймақта  43 мектепти жабыўға буйрық берген еди, бирақ кейин ала бул көрсеткиш еки есеге көбейгенин жәриялады.

ӨзА