Елимизде ҳәр жылы ҳаял-қызлар байрамы кең түрде белгиленеди. Байрам мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасы Жазыўшылар аўқамының ағзасы, шайыр Гүлистан Даўлетова «Дўстлик»  ордени менен сыйлықланды.

Шайыр Г.Дәўлетованы ерискен табысы ҳәм байрам менен қутлықлап, оның байрам қуўанышлары менен ортақластық.

– Ең алды менен елимизге хызмет етип атырғаныма, қалаберсе, азғана мийнетимди  жоқары баҳалағаны ушын шексиз қуўаныштаман.  Президентимиз өз қоллары менен көкирегимизге орден тағар екен, бахыт сезимин және бир мәрте терең аңладым. Бул болса, халқымызға еле де пидайы хызмет етиўге руўхландырады, – дейди Г.Дәўлетова.  – Бүгин барлық  қарақалпақстанлы аналар, ҳаял-қызлар Елбасшымыздан миннетдар, деп исеним менен айта аламан. Қарақалпақстанға қаратылып атырған жоқары итибар ҳәм ғамхорлық, әсиресе,  Мойнақ районында, Аралбойында әмелге асырылып атырған ийгиликли ислер, мине, усы миннетдаршылыққа тийкар болмақта. Әдебиятқа, поэзияға шын кеўилден жақын болғаным ушын  бул тараўда жаратылып атырған имканиятлар, қолайлықлар мени қуўандырады. Дөретиўши халықтың жазған шығармалары, китаплары жас әўладтың тәлим-тәрбиясына мүнәсип үлес болып қосылса, буннан артық бахыт жоқ. Ҳәр тәреплеме бәркамал әўлад елимиздиң келешеги, Президентимиздиң алып барып атырған жумысларының даўамшылары деп билемен.

Мағлыўмат ушын, Г.Дәўлетова 1959-жылы Шымбай районының Шахаман аўылында туўылған. Оның туңғыш қосықлары «Әмиўдәрья» журналында, республикалық ҳәм районлық газеталарда жарық көрди. Оның «Әжинияз поэзиясында дәстүр ҳәм жаңашыллық» (1997-жыл) монографиясы менен «Әжинияз поэзиясында руўхый дәреклер» (1998-жыл), «Руўхыйлық-әдебият өлшеми» (1998-жыл), «Инсан тәрбиясы балалықтан басланады» (1999-жыл) атамасындағы китапшалары ҳәм «Сениң дәртиң менен жасайман, ҳаял» (2001-жыл), «Аёл ишқи» (2001-жыл), «Қыз тахтым» (2009-жыл) қосықлар топламы басылып шығып, китапқумарлар тәрепинен сүйип оқылмақта.

Г.Дәўлетова 2006–жылдан Қарақалпақстан Республикасы Жазыўшылар аўқамының ағзасы.

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы