Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының депутаты Зафар Ханиязов ҳәм O’zLiDeP фракциясы ағзалары орынлардағы машқалаларды үйрениў ҳәм оларды шешиў мақсетинде Қанлыкөл, Қоңырат ҳәм Мойнақ районында болып,  сайлаўшылары менен ушырасты.   

Дәслеп депутат Қанлыкөл районындағы «Жайҳун» мәкан пуқаралар жыйыны ҳәм «Наўрыз» аўыл пуқаралар жыйынындағы халық пенен сәўбетлести.

Жүзбе-жүз сәўбетлесиў ўақтында пуқаралар тәрепинен ишимлик суўының  жетиспеўшилиги, қыйтақ жерди суўғарыў ушын салмаларды тазалайтуғын техниканың жоқ екенлиги, ишки жолларды оңлаў кереклиги ҳәм басқа да мәселелер бойынша мүрәжатлар келип түсти.

Бул мүрәжатларды үйренип, шешимин табыўды аймақтағы жуўапкер сектор ўәкиллери өз мойнына алды.

Депутат З.Ханиязов еки райондағы улыўма билим бериў мектеплериниң спорт заллары ҳәм районлық медицина бирлеспесинде де болып,  олардың бүгинги жағдайы ҳәм машқалаларын үйренип шықты. «Жайҳун» мәкан пуқаралар жыйыны турғыны М.Надиров, «Наўрыз» аўыл пуқаралар жыйынында жасаўшы,  балалығынан майыплығы болған Р.Аяпбергенов ҳәм «Қанлыкөл»  мәкан пуқаралар жыйынындағы М.Юлдашевалардың шаңарағынада  болып,  оларға бирге ислесиўши шөлкемлер менен биргеликте майыплық арбашасын тапсырды.

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы