Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлиги Қарақалпақ академиялық лицейинде ишки ислер уйымлары басшы кадрлары ҳәм профилактика инспекторлары ушын көшпели оқыў жыйыны басланды.

Ашылыў салтанатында Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министри А.Темирханов, Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлиги Қәнигеликти арттырыў институтының баслығы А.Пардиев ҳәм басқалар шығып сөйлеп, өткерилип атырған көшпели оқыў жыйынының әҳмийетине тоқтап өтти.

Атап өтилгениндей, елимизде ишки ислер уйымлары системасын жетилистириў, олардың төменги буйынларын халыққа буннан былай да жақынластырған ҳалда беккемлеў, барлық дәрежедеги структуралардың ўазыйпалары менен функцияларын анық белгилеў бағдарында кең көлемли илажлар әмелге асырылмақта. Бул бағдардағы илажлар ишки ислер уйымларының ролин арттырыў, ҳәр бир хызметкер өз ўазыйпасын булжытпай орынлайтуғын социаллық бағдарланған профессионал структураға айландырыў имканиятын берди.

Деген менен, олардың күнделикли жумысын шөлкемлестириўде, жеке қурам менен тәрбиялық ислерди алып барыўда ҳәм кәсиплик шеберлигин арттырыўда, ҳуқықбузарлықлар профилактикасы ҳәм жынаятшылыққа қарсы гүресиўдиң мақсетли қадағалаў-таллаўын тәмийинлеўде бир қатар машқалалардың бар екенлиги мәлим болмақта.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 23-августтағы «Ишки ислер уйымларын басқарыў, қадағалаў ҳәм жеке қурам менен ислесиўдиң нәтийжели системасын енгизиў бойынша илажлар ҳаққында»ғы қарарына муўапық Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлигиниң Қәнигеликти арттырыў институты шөлкемлестирилди. Институтта оқыў процеси «Модуль системасы»на тийкарланған болып, инновациялық педагогикалық технологиялар, интерактив методларды ҳәм мәлимлеме-коммуникация технологияларын кеңнен қолланған ҳалда аралықтан (виртуал) билимлендириў әмелге асырылады. Сондай-ақ, министрликтиң тийисли тараўлық хызметлери менен биргеликте ислеп шығылған оқыў бағдарламалары тийкарында алып барылады. Орынларда оқыў жыйынларын өткериў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлигиниң барлық академиялық лицейлеринде институттың филиаллары (аудиториялары) шөлкемлестирилди.

– Көшпели оқыў жыйынларын өткериўдеги мақсет, жынаятшылыққа қарсы гүресиў ҳәм оның ерте алдын алыўда ишки ислер уйымлары басшы хызметкерлериниң ҳәм профилактика инспекторларының хызмет ўазыйпаларын нәтийжели атқарыўында кәсиплик билим және көнликпелерин турақлы түрде арттырып барыўдан ибарат, – дейди Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлиги Қәнигеликти арттырыў институтының баслығы, подполковник Абдураҳмон Пардиев. – Соның менен бирге, жәмәәтте саламат орталықты жаратыў, пуқаралардың мүрәжатлары менен ислесиўде, күш ҳәм қуралларды дурыс бөлистириўде жол қойылып атырған кемшиликлерди сапластырыўға жәрдемлесиў болып табылады.

Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министриниң арнаўлы бийлиги менен шөлкемлестирилген көшпели оқыў жыйынында усы күнниң өзинде дәслепки шынығыўлар басланды.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.