Уллы Мәртебели Мырза!

Қытай Халық Республикасы Коммунистлик партиясының 19-съезди табыслы жуўмақланғаны ҳәм Қытай Коммунистлик партиясы Орайлық Комитети Бас хаткери лаўазымына қайта сайланғаным мүнәсибети менен қутлықлап жоллаған хатыңыз ушын шын жүректен миннетдаршылық билдиремен.

Соңғы жылларда бирликтеги ҳәрекетлер менен Қытай – Өзбекистан қатнасықлары жеделлескени ҳәм шын жүректен, исеним ҳәм өз-ара мәпдарлыққа тийкарланған ҳәр тәреплеме стратегиялық шериклик дәрежесине көтерилгенинен қуўанышлыман. Еллеримиз жоқары дәрежедеги беккем байланыслардың тәрепдары болып табылады, сиясий исеним тийкарында «Бир мәкан, бир жол» жойбары шеңберинде жақын бирге ислесип келмекте, бир қатар ири қоспа жойбарларды әмелге асырмақта. Бул болса халықларымызға бирдей пайда келтирмекте. усы жылдың май ҳәм июнь айларында Сиз бенен Пекин ҳәм Астана қалаларында еки мәрте ушырастық. Соның нәтийжесинде еки тәреплеме қатнасықлар ҳәм барлық тараўлардағы бирге ислесиўди буннан былай да беккемлеў бойынша салмақлы келисимлерге ерисилди.

Қытай ҳәм Өзбекистан арасындағы ҳәр тәреплеме стратегиялық шериклик байланысларды раўажландырыўға үлкен итибар қаратпақтаман. Буннан кейин де Сиз бенен биргеликте өз-ара қатнасықларымызды Қытай ҳәм Өзбекистан арасындағы көп әсирлик дослық руўхында раўажландырыў, жаңа тарийхый дәўирде халықларымыз ҳәм пүткил адамзаттың абаданлығы жолында турақлы ҳәм узақ келешекке мөлшерленген раўажланыўға ерисиў ушын жаңа имканиятларды иске қосыўға таярман!

Си Цзиньпин,

Қытай Халық Республикасы

Коммунистлик партиясы

Орайлық Комитети Бас хаткери