Мәмлекетлик тест орайы администрациясы 2020-2021-оқыў жылынан баслап абитуриентлер 5 пән бойынша имтихан тапсырыўы жобаластырылып атырғаны ҳаққында мәлим етти, деп жазады Kun.uz.

Мәлим болыўынша, абитуриентлер тест пәнлери комлексин еки бөлимге ажыратып, яғный 3 мәжбүрий ҳәм 2 ықтыярлы пәннен имтихан тапсырыўы нәзерде тутылмақта.

«Быйылғы жылдың сентябрь-октябрь айында пәнлер комплекси жәрияланады. Бул Қубла Корея, Қазақстан, АКШ тәжирийбеси тийкарында Өзбекстанда әмелиятқа енгизилмекте», – дейди тест орайы директоры М.Каримов.

«Жоқары билимлендириў мәкемелерине тест сынақлары арқалы қабыллаў системасын жетилистириў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарардың жойбарында атап өтилиўинше, пәнлер комплексиниң биринши бөлиминде ана тили, математика ҳәм Өзбекстан тарийхы, екинши бөлиминде болса талабанлық болып атырған билимлендириў бағдарына сәйкес келетуғын еки пәннен сораўлар берилиўи мүмкин.

Сондай-ақ, 2020-2021-оқыў жылынан баслап жаслардың ана тили бойынша саўатлылық дәрежесин арттырыў ҳәм анықлаў мақсетинде жазыў көнликпелерин баҳалаў ушын ана тили (өзбек, рус, қарақалпақ) бойынша диктант тапсырыў жолға қойылады.

Егер абитуриент жазба диктанттан жетерли балл топласа, ана тили пәни бойынша тести тапсырмаўы да мүмкин.

Жоба бойынша бул жаңалықты әмелге асырыў тәртиби усы жылдың октябрь айына шекем рәсмий түрде жәрияланады.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.