Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл  20-февральда қабыл етилген «Президент мектеплерин шөлкемлестириў илажлары ҳаққында»ғы қарарында Президент мектеплерин питкерген оқыўшыларға берилетуғын жеңилликлер де нәзерде тутылған.

Қарарға муўапық, Президент мектеплерин питкериўшилерге белгиленген тәртипте мәмлекет тәрепинен тастыйықланған мағлыўмат ҳаққындағы ҳүжжет (шаҳодатнома, аттестат) пенен бир қатарда, сырт ел мәмлекетлериниң жетекши жоқары оқыў орынларына кириў имкнаниятын беретуғын халықаралық дәрежедеги тийисли бағдардың дипломы (International Baccalaureate, Advanced Placement ямаса International Advanced Levels) бериледи.

ӨзА