Президент мектеплеринде билим бериў процеси сырт ел билимлендириў мәкемелери менен биргеликте ислеп шығылған оқыў режелери ҳәм бағдарламалары бойынша инглис тилинде әмелге асырылады.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 20-февральда қабыл етилген «Президент мектеплерин шөлкемлестириў илажлары ҳаққында»ғы қарарында усы мақсетлер нәзерде утылған.

Қарарға муўапық,

  • Президент мектеплеринде билимлендириў процеси сырт ел билимлендириў мәкемелери менен биргеликте ислеп шығылған оқыў режелери ҳәм бағдарламалары бойынша инглис тилинде әмелге асырылады;
  • Президент мектеплеринде «STEAM – билимлендириў» (Science – тәбийий пәнлер, Тechnology – технологиялар, Engineering – техникалық дөретиўшилик,  Аrt – көркем өнер, Мathematics – математика) бағдарламасы енгизиледи;
  • Президент мектебиниң 9-11-классларында оқытыў оқыўшылардың қызығыўшылықлары ҳәм өзгешликлерин есапқа алған ҳалда, айырым пәнлер және оларды үйрениў дәрежесин сайлап алыў арқалы оқыў процесин индивидуалластырыўды нәзерде тутады;
  • тийкарғы оқыў бағдарламасы менен биргеликте Президент мектеплеринде оқыўшылардың қызығыўшылықларынан келип шыққан ҳалда класстан тысқары әмелий шынығыўлар өткериў нәзерде тутылады.

ӨзА