Усы жыл 11-15-февраль күнлери Москва қаласында болып өткен жигирма алтыншы «Продэкспо-2019» азық-аўқат өнимлери, ишимликлер ҳәм оларды ислеп шығарыў ушын шийки зат халықаралық көргизбесинде «Өзшарапсанаат» акционерлик жәмийети системасындағы кәрханалардың өнимлери жоқары сыйлықларға ийе болды.

«Продэкспо» Россия Федерациясы аймағындағы ең ири азық-аўқат санааты көргизбеси болып есапланады. Быйылғы жылы онда 69 мәмлекеттиң 2440 компаниясы қатнасты. Мәмлекетимиз экспозициясынан елимизде ислеп шығарылған кең түрдеги өнимлер, соның ишинде, ҳәр түрли мийўе ҳәм овощлар, кептирилген мийўелер, кондитер өнимлери, шай, алкольли ҳәм алкогольсиз ишимликлер орын алды. Илажда «Өзшарапсанаат» АЖ кәрханалары да жоқары сыйлыққа мүнәсип деп табылды.

Быйылғы көргизбеде «Ташкентвино комбинаты», «Шохруд», «Ўзбекистон шампани», Ховренко атындағы Самарқанд вино комбинаты, «Нукус вино заводы», «Урганч шароб», «Denov vino-aroq» акционерлик жәмийетлери, «Афсар компани лтд.» жуўапкершилиги шекленген жәмийет түриндеги қоспа кәрханасы, «Султон шарбати», «САВБ», «Булунғур-1», «Самарқанд-Жомбой шароб» жуўапкершилиги шекленген жәмийетлери, «Қўқонспирт» ҳәм «Andijon biokimyo zavodi» акционерлик жәмийетлери қатнасты.

– Өзбекстанның бундай абырайлы халықаралық форумға қатнасыўы мәмлекетимиздиң азық-аўқат санаатында, соның ишинде, виношылық тармағында ерисилип атырған жетискенликлерин көрсетиў, жаңа келисимлерге ерисиў, тәжирийбе арттырыў ушын әжайып имканият болып табылады – дейди «Өзшарапсанаат» АЖ баслығының орынбасары Сардор Умаров. – Жәмийетимиз системасындағы кәрханалар көргизбениң турақлы ҳәм белсенди қатнасыўшылары болды. «Продэкспо»ның дегустация танлаўында, «Ең жақсы  өним» ҳәм «Продэкспо винолары» танлаўында кәрханаларымыз өнимлери ҳәр жылы сыйлықланады.

Усы жылғы көргизбеде кәрханалар 2 Гран-при кубогы, 15 алтын, 3 гүмис медаль ҳәм 3 дипломға ийе болғаны олар ислеп шығарып атырған өнимлердиң жоқары сапасы халықаралық көлемде тән алынып атырғанынан дәрек береди.

Арақ ислеп шығарыўшылар арасында «Ең жақсы өним» номинациясында Гран-при кубогына үш кәрхана мүнәсип деб табылған болса, соннан екеўи мәмлекетимизде жумыс алып барып атырған «Афсар компании лтд.» ЖШЖ қоспа  кәрханасы ҳәм «Нукус вино заводы» АЖға тапсырылғанын атап өтиў керек. Үшинши кубок ийеси – Россияның «Кристалл» заводы.

Сондай-ақ, «Тошкентвино комбинаты» АЖ бас директоры Миробид Маҳмудов Россия Федерациясы Аўыл хожалығы министрлигиниң «Азық-аўқат санаатын раўажландырыўға қосқан үлеси ушын» ҳәм «Жоқары сапа ушын» алтын ҳүрметли медаллары менен сыйлықланды.

«Өзшарапсанаат» АЖ кәрханалары абырайлы «Продэкспо-2019» халықаралық көргизбесин жоқары баҳаланғанлығы олардың келешектеги жумысына күшли хошамет болып хызмет етеди.

 

М.АНИСИМОВА,

ӨзАның хабаршысы