20 жыллық дем алыс: Тайсон қайтпақта!

354

Профессионал бокс бойынша бурынғы жәҳән чемпионы Майк Тайсон дерлик 20 жыллық дем алыстан кейин 58 жасында еки минуттан  8 раундқа мөлшерленген ринг беллесиўине таярлық көрмекте.

Усы жыл 20-июль күни “ютубшы” Жейк Полға қарсы өтетуғын бул беллесиў Тайсонның үлкен сахнаға қайтыўы сыпатында талқыланбақта.

Бул пикирди Техас бокс комиссиясы айтып өткен.

Бул беллесиў АҚШтың Арлингтон провинциясындағы “АT&T” комплексинде шөлкемлестириледи.

“Netflix” телеканалы арқалы жанлы эфирге узатылатуғын беллесиў 27 жастағы Пол ҳәм 58 жасқа толатуғын Тайсон арасындағы жас өзгешелиги себепли  көргизбели тәризде уйымластырылыўы күтилген еди. Соң тәреплердиң  келисимине бола, беллесиў толық профессионал бокс жарысы  түринде өткерилиўи белгиленди.

                                                                                                                  ӨзА