Балалығынан спортқа қызыққан Дилафрузаның әрманлары студент болған ўақытларынан баслап әмелге аса баслады. Ол жарысларда жеңимпаз болып, минберде ең жоқары орында өзин көриўди әрман етер еди.

Бердақ атындығы Қарақалпақ мәмлекетлик университети шет тиллери факультетиниң 1-курсында билим алып атырған  Дилафруза Абдишарипова 2023-жылдың май айынан баслап спорттың Пара қылышласыў түрине қатнай баслады. Ондағы алдыға қарай умтылыў, ҳеш қашан түскинликке түспеў сыяқлы өзине тән қәбилетлер бәрқулла жеңимпазлық руўхын шақырып турар еди. Тренерлери Жеткербай Төремуратов пенен Мурат Уснатдиновтан  қылышласыў өнери бойынша үйренген шынығыў усыллары нәтийжесин берип,  2023-жылдың 4-6-май күнлери Ташкент ўәлаяты Шыршық қаласында болып өткен Өзбекстан чемпионатында 3- ҳәм командалық есапта 2-орынды ийелеўге еристи. Буннан соң, өткен жылдың  29-30-ноябрь айында Ташкент қаласында болып өткен Өзбекстан кубогинде 3-орынды ийеледи.

Ол спорттың армрестлинг түрине де қызыққанлықтан  усы спорт түринен жақында  23-апрельде Ташкент қаласында болып өткен Өзбекстан чемпионатында қатнасып, 1-орынды ийеледи.

-Спорт өмиримниң мазмунына айланған. Алдағы ўақытлары жақсы нәтийжелерге ерисип, жақынларымның, устазларымның исенимин ақлаўға ҳәрекет етемен,-дейди ол.

Г.Турдышова,
Қарақалпақстан хабар агентлиги