Түркмен халқының уллы шайыры Мақтымқулы Пырағыйдың 300 жыллығын елимизде кең түрде белгилеў бойынша Президентимиз Ш.М.Мирзиёевтиң қарары қабылланып, бул бойынша орынларды әдебий, мәдений илажлар алып барылмақта. Сондай-ақ, шайырдың юбилейи ЮНЕСКО шеңберинде дүнья жүзилик көлемде де белгилениўи нәзерде тутылған.
Тақыятас районындағы 10-санлы улыўма билим бериў мектебинде шайырдың юбилейине бағышланған әдебий кеше болып өтти. Онда халқымызға белгили шайыр Ә.Өтепбергенов қатнасып, оқыўшыларға Мақтымқулы Пырағый ҳаққында кең түрде мағлыўмат берип, оның қосықларын ядтан көркемлеп айтып берди. Буннан соң мектеп оқыўшылары тәрепинен шайырдың шығарамаларынан дүзилген сахналық көринислер қойылды.
Мақтымқулы Өзбекстанда шығармалары кең түрде тарқалған шайыр есапланады. Ол Хийўадағы Шерғазыхан медиресесинде билим алып, Әлийшер Наўайыны өзине устаз санаған. Хийўада ол көплеген устаз ҳәм дослар арттырған. Шайыр естелигине Ташкентте ҳәм Хийўада естелик орынлары қурылған.
Қарақалпақстан хабар агентлиги