Усы жыл 1-май күни Нөкисте Пуқаралық басламаларды қоллап-қуўатлаў орайы Қарақалпақстан аймақлық бөлими тәрепинен «Шаңарақтағы зорлық – ғалаба хабар қураллары нәзеринде» атамасындағы еки күнлик семинар өз жумысын баслады.

Илажда республикамыздағы ғалаба хабар қураллары хызметкерлери менен блогерлер, журналистика қәнигелигинде билим алып атырған студент –жаслар қатнаспақта.

Пуқаралық басламаларды қоллап-қуўатлаў орайы Қарақалпақстан аймақлық бөлими Европа Аўқамының Өзбекстандағы делегациясының қаржыландырыўында Equality Now ҳәм «NIHOL» басламаларды раўажландырыў ҳәм қоллап-қуўатлаў орайларының қоллаўында Европа Аўқамы тәрепинен қаржыландырылған «Өзбекстанда гендер теңлигин тәмийинлеўде пуқаралық жәмийетиниң ролин күшейтиў ҳәм турақлы бирге ислесиўди жолға қойыў» жойбары ҳәм Өзбекстанда жынысый зорлық машқаласы ҳаққында Адвокациялық кампаниясы шеңберинде өткерилген киши грант таңлаўында «Шаңарақтағы зорлық – ғалаба хабар қураллары нәзеринде» атамасындағы жойбары менен қатнасып жеңимпазы болды.

Тренингтиң мақсети қатнасыўшылардың гендер сиясаты ҳәм оның ҳуқықый тийкарлары ҳаққында хабардарлығын арттырыў, ҳаял-қызларға зорлық етиўдиң тийкарғы түрлерин бүгинги санлы технологиялардың раўажланыўы ҳәм социаллық тармақлардың тарқалыўын есапқа алған ҳалда анықлап, олардың ҳаял-қызлардың өмирине зыянлы тәсирин баҳалаўдан ибарат. Соның менен бирге ғалаба хабар қураллары, әсиресе, телевидение арқалы көрсетилип атырған ҳаял-қызларға байланыслы унамсыз көз-қараслар ҳәм гендер стереотиплерин сапластырыўда ҒХҚның ролин үйрениў, гендер-сезгир материаллар таярлаў болып табылады.

Семинар жуўмағы бойынша ҳаял-қызларға байланыслы зорлық, жынысый зорлық темасының жәмийет ушын қәўипли екенлигине байланыслы ең тәсирли жазылған мақалалар, радио, телевидение ҳәм интернет материалларын таярлаў бойынша таңлаў өткериў режелестирилген. Сондай-ақ, ҳаял-қызлар кеңеслери ҳәм пуқаралар жыйынлары жанындағы жарастырыў комиссиялары ўәкиллери менен ҳаял-қызларға байланыслы зорлық жағдайлларын нызам шеңберинде үйрениў бойынша түсиник жумысларын алып барыў нәзерде тутылған.

Қарақалпақстан хабар агентлиги