Мәмлекетимиз басшысының «Ҳәкимшилик реформалар шеңберинде Өзбекстан Республикасы Миллий антидопинг агентлиги жумысын нәтийжели шөлкемлестириў илажлары ҳаққында»ғы қарарына тийкарланып мәмлекетти допингтен жырақ аймаққа айландырыў бойынша системалы жумысларды алып барыў, бул бағдарда жаңа технологияларды енгизиў ўазыйпасы белгиленген.

Сол мақсетте Өзбекстан Миллий антидопинг агентлиги тәрепинен “Антидопинг тәлийматы платформасы” ҳәм “Спортта қадаған етилген дәри-дәрмақларды тексериў миллий платформасы” ислеп шығылды ҳәм спортшы, тренер  ҳәм спорт шыпакерлерине  платформадан пайдаланыў бойынша қолланбалар усынылды.

Буннан тысқары, агентликке тийисли шөлкемлер менен бирге ислесиўде республикадағы спортқа қәнигелескен билим орайларында жумыс алып барып атырған спортшы, тренер ҳәм спорт шыпакерлери ушын қосымша антидопинг семинарларды өткериў ҳәм жаңадан енгизилген платформалар бойынша түсиниклер бериў мақсет етип қойылған.

Соған тийкарланып, март-апрель айлары даўамында пайтахтымыз ҳәм Ташкент ўәлаятындағы  спорт билимлендириў орайларына барған ҳалда, 3333 спортшы, тренер ҳәм спорт шыпакерлер қамтып алынып, спортшыларға  тез ҳәм аңсат түрде, қадаған етилген дәри-дәрмақларды қабыл етиўдиң алдын алыў ҳаққында мағлыўматлар берилип барылмақта.

                                                                                                                ӨзА