Бүгин 70 жыллық юбилейин белгилеп атырған хурметли устаз, мыңлаған окыўшылар менен студентлер көплеген математик муғаллимлердиң ғана емес, басқа да қәнигелердиң устазы  Жумамуратов Жеңисбай Шарибаевич 1954-жылы 9-май күни Қарақалпақстан Республикасының Мойнақ районында туўылған. 1976-жылы Қарақалпақ мәмлекетлик педагогикалық институтының физика-математика факультетин питкерген.

Ол мийнет жолын дерлик, 50 жыл бурын Мойнақ районындағы 1-санлы орта улыўма билим бериў мектебинде математика пәни муғаллими болып ислеўден баслаған.

Буннан кейин 1977-жылы Нөкис қаласында мийнет жолын даўам еттирип, Республикалық муғаллимлердиң билимин жетилистириў институтында методист, кабинет баслығы, Нөкис қурылыс техникумында математика пәни муғаллими, бөлим баслығы, Қарақалпақстан областьлық партия комитетиниң илим ҳәм оқыў орынлары бөлиминиң инструкторы, Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлигиниң Улыўма орта ҳәм мектепке шекемги тәрбия басқармасы баслығы лаўазымларында жемисли мийнет етти.

1996-2014-жыллары 2-санлы Республикалық көп тармақлы педагогикалық лицей-интернатында, соңынан 11-санлы Республикалық инталы балалардың қәнигелестирилген мектебинде директор, 2014-2016 жыллары Республикалық халық билимлендириў хызметкерлериниң қәнигелигин арттырыў ҳәм қайта таярлаў институтының «Анық ҳәм тәбийғый пәнлер» кафедрасында үлкен оқытыўшы лаўазымларын атқарды.

2017-жылдан баслап Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында методист, бөлим баслығы,  Оқыў-методикалық басқармасында бас қәниге, қосымша «Математика оқытыў методикасы» кафедрасында үлкен оқытыўшы лаўазымында ислеп келмекте.

Ж.Жумамуратовтың республикамыз жасларын мектепте оқып жүрген күнлеринен баслап-ақ, математика пәнине қызықтырыўда, математик кадрларды таярлаўда, жас әўладқа тыянақлы тәлим-тәрбия бериўде, олардың ақыл-парасатлы, зейинли ҳәм жетик билимли инсанлар болып қәлиплесиўинде аянбай мийнет ислеп, излениўши устаз ретинде унамлы нәтийжелерге ерисип келди.

Ж.Жумамуратов қәнигелестирилген мектеплерде басшы болып ислеген  дәўирлеринде оқыў-тәрбия процесин шөлкемлестириў, арнаўлы оқыў режелерин ислеп шығыў, қәнигелестирилген пәнлерди, әсиресе, математика пәнин оқытыў бойынша бир қатар методикалық көрсетпелер ислеп шықты ҳәм оқыў процесине енгизип барды. Бул мектеплер Қарақалпақстанда ғана емес, ҳәттеки Өзбекстан Республикасы көлеминде  алдыңғы қатардан орын алды. Таярлаған оқыўшылары пән олимпиадаларының республикалық басқышларында ҳәр жылы жеңимпазлар қатарынан орын алып, Өзбекстан көлеминде жеңимпаз болып жоқары оқыў орынларына тест сынақларысыз оқыўга кирди. Питкериўшилердиң жоқары оқыў орынларына кириў көрсеткишлери бойынша да республикада алдыңғы катарлардан орын алып келди.

Ж.Жумамуратовтың усынысы менен сол жыллары университет, институтта ислеп атырған тәжрийбели, илимий дәрежели устазлардан бир қаншасы академиялык лицейлерге тартылды. Себеби, ол өзиниң көп жыллық мийнет тәжирийбесинен келип шығып келешекте маман кадр болатуғын жаслардың тырнағы усы жерде, яғный академиялық лицейлерде каланатуғынына исеними кәмил еди.

Жас әўладқа тәлим-тәрбия бериўде ерискен жетискенликлери есапқа алынып  Ж.Жумамуратовқа 1993-жылы «Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген халық билимлендириў хызметкери», 1998-жылы «Өзбекстан Республикасына мийнети сиңген халық билимлендириў хызметкери» ҳүрметли атақлары берилди. «СССР, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикалары халық билимлендириўи ағласы» көкирек белгилери менен сыйлықланды. Сондай-ақ, хәр оқыў жылында ерискен жақсы нәтийжелери ушын мийнет жәмәәтинен материаллық-мораллик жақтан удайы хошеметленип келди.

Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында, бизиң академиялык лицейимизде ислеп атырған дәўиринде өзиниң билими, адамгершилик пазыйлетлери, жасы үлкенлиги менен оқыў-тәрбия жумысларының сапасын жақсылаў, жәмәәттиң аўызбиршилигин сақлаў ҳәм беккемлеўде күш-ғайратын аямаған әдиўли устаз ағамыз есапланады.

Ол жасы үлкен болыўына қарамастан соңғы ўақытларда НМПИге бириктирилген  «қызыл мектеплер» – Мойнақ районындағы 11-санлы, Тахтакөпир районындағы 5-санлы, Әмиўдәрья районындағы 20-санлы ҳәм Елликқала районындағы 35, 60-санлы мектеплерде өзиниң басшылығы ҳәм шөлкемлестириўи менен  институттың тийисли кафедраларының профессор-оқытыўшылары  тәрепинен тастыйықланған кестелер бойынша сабақлар ҳәм таярлық шынығыўларын алып бармақта. Айырым мектеплердеги оқыўшылардың Нөкис қаласына келип таярланыўы ушын  жағдай жаратыўға жәрдем ҳәм мәсләҳәт бериўден шаршамайды.

Нәтийжеде бул мектеплерде жағдай унамлы жағына өзгерген. Өйткени ол сол мектеплерге (жәми 28 мектеп) барып оқыў шынығыўларын өткерип, алдыңғы методика ҳәм инновацияларды оқыў процесине енгизиў бойынша әмелий сабақлар өтип, методикалық жәрдемлер көрсетип келди.

Ҳәзирги күнде оның жүзлеген шәкиртлери Ташкент, Нөкис қалаларындағы, айырымлары сырт еллердеги жоқары оқыў орынларын питкерип, бир қаншасы илим докторлары ҳәм илим кандидатлары дәрежесине ерисип, республикамыздың социаллық-экономикалық, мәдений раўажланыўында пидайылық пенен мийнет етпекте.

Республикамызға белгили қәниге Жеңисбай Жумамуратовтың бизиң академиялық лицейимизде оқыўшыларға математика пәнинен билим бериўде көп жыллық пидәкерлик мийнетлери бар екенин бүгин мақтаныш пенен тилге аламыз. Жәмәәтимиздиң әдиўли ақсақалы, белгили устаз, өз елиниң мақтанышлы азаматы Жеңисбай Жумамуратовты бүгинги 70 жыллық торқалы тойы менен шын жүректен қутлықлаймыз! Оған узақ өмир, беккем денсаўлық, алдағы педагогикалық жумысларында тасқын табыслар тилеймиз.


Гүлимхан Машарипова,

НМПИ академиялык лицей директорының орынбасары

Қарақалпақстан хабар агентлиги