Әзелден ҳалқымызда “Қолыңда өнериң болса кем болмайсаң”, -деп айтып келинеди. Заман раўажланған сайын сол дәўирге сай кәсиплер, қәнигеликлер, ҳәттеки, өнер түрлери де пайда болмақта. Усындай өзгеше өнер ийеси Нурзада Жумабаева ҳәзирги күнде көплеген жасларға устазлық етип келмекте.
Ҳеш қашан солымайтуғын гүллерди билесиз бе? Заманласымыз Нурзада әне усындай гүллер ислеп ҳәзирги күнде Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң қурылыс факультетинде “Шебер қоллар” дөгереги басшысы болып жумыс ислеп келмекте.
-Ҳәзирги ўақытта Бердақ атындағы Қарақалпақ Мәмлекетлик университети экономика факултетинде 2-курс магистрантпан. Бул өнерди интернеттен онлайн тәризде үйренип, 2022-жылдан берли шуғылланып киятырман. Гүллер кимниңдур кейпиятын көтереди, бирақ , солып қалса керисинше. Мен болса инсанларға ҳеш қашан солымайтуғын ҳәм өзинен жағымлы ийис шығарып туратуғын гүллер ислеп беремен. Бул гүллерди “сабын гүл” деп атайды, себеби гүллердиң барлығы ҳәр түрли ийис сабынлардан исленеди. Оларды белгили дәрежеде еритип, қәлиплерге қўйыў арқалы бир күнде орташа 10 орам гүл ислей аламан. Гүллер инсан кейпиятын көтереди, бул ис пенен шуғыллансам өзим заўықланаман ҳәм бос ўақытларымнан өнимли пайдаланаман. Ҳәзирги күнде социаллық тармақта онлайн сабақлар арқалы өнеримди қәлеўши инсанларға үйретип келмектемен. Тийкарынан бул өнер ҳаял-қызларға, әсиресе, балалы, ўақтынша жумыссызлар ушын дәраматлы өнер түри десем қәтелеспеймен,-дейди ол.
Нурзада алдағы ўақытлары бул жумысын жетилистирип, бул өнерди қызығыўшылығы бар ҳаял-қызларға көбирек үйретиўди нийет етпекте. Әлбетте, халқымыздың «Өнерлиниң қолы алтын», «Өнерли хор болмайды» деген даналық сөзлерин Нурзададай өнерли жаслардың мысалында көриўимизге болады.
С.Пердебаева,
Бердақ атындағы ҚМУ дың қарақалпақ филологиясы журналистика факультетиниң 4-курс студенти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги