Студентлер арасында саламат турмыс тәризин қәлиплестириў мақсетинде, Өзбекстан мәмлекетлик денетәрбиясы ҳәм спорт университети Нөкис филиалында “Биз-саламат турмыс тәрепдарымыз” атамасында ушырасыў кешеси болып өтти.

Ушырасыўды филиалдың Жаслар менен ислесиў, руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық ислери бойынша бөлим баслығы А.Меңлимуратов ашты ҳәм басқарып барды.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы АИЖС ке қарсы гүресиў орайы шыпакери А.Айтмуратова қатнасыўшыларға АИЖС тиң пайда болыў тарийхы, оның алдын алыў ҳәм тийкарғы жуғыў жоллары бойынша түсиниклер берди.

Сондай-ақ, кешеде филиалдың профилактика инспекторы, капитан Р.Исмайлов егер АИЖС кеселлиги менен пуқара адамларға бул кеселликти жуқтырса оған ҳуқық қорғаў уйымлары тәрепинен көрилетуғын нызамлы шаралар ҳаққында мағлыўматлар берди.

Ушырасыў соңында АИЖС кеселлигиниң унамсыз тәсирлери сәўлеленген видеоролик студентлер нәзерине усынылды ҳәм бул қатнасыўшылардың кеселлик бойынша түсиниклериниң кеңейиўине унамлы тәсир етти.

 

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы