Пуқаралық ислери бойынша Қарақалпақстан Республикасы Беруний районлараралық судының 2024-жыл 9-сентябрьдеги орынлаў ҳүжжетине тийкарланып жас өспирим бир баланы жуўапкер Э.Хдан талап етиўши А.Н.ның тәрбиясына алып бериў белгиленген.
Бул орынлаў ҳүжжети Мәжбүрий орынлаў бюросы Беруний районлық бөлими жумыс жүргизиўине келип түсип, бөлим хызметкерлери тәрепинен орынлаў ҳәрекетине кирисилди. Атап айтқанда, орынлаў ҳүжжетиниң орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Мәжбүрий орынлаў бюросы Беруний районлық бөлиминиң хызметкерлери тәрепинен алып берилиўи керек болған бала жасап атырған мәнзилдеги хожалыққа барып, жуўапкерге суд қарарының орынланыўын тәмийинлениўи керек екенлиги, оның орынланыўын тәмийинлемеў ақыбети ҳаққында түсиник берилди.
Буннан соң, жуўапкер Э.Х.ға жас өспирим баланы қәлеўли түрде анасының қушағына қайтарды ҳәм суд қарарының орынланыўы әмелде тәмийинленди.
Д.Абибуллаев,
Қарақалпақстан хабар агентлиги