Москвадағы Кремль мәмлекетлик сарайында Россияда Өзбекстан мәденияты күнлериниң ашылыў мәресими болып өтти. Усы илаж еки мәмлекет арасындағы мәдений байланысларды беккемлеўде әҳмийетли басқыш болып, дослық ҳәм бирге ислесиў символы болып есапланады.

Россия халқы Өзбекстанның бай мәдений мийрасы, оның көп әсирлик дәстүрлери, заманагөй табыслары ҳәм көркем өзине тәнлиги менен танысыўдай сийрек ушырасатуғын имканиятқа ийе болды.

Өзбекстанның белгили көркем өнер ғайраткерлери қатнасыўындағы концерт кешениң ең әҳмийетли ўақыясы болды. Концертте халық артистлери Озодбек Назарбеков, Фаррух Зокиров, Гулсанам Мамазоитова, Айгүл Нодирова, хызмет көрсеткен артистлер Озода Нурсаидова ҳәм Илёс Арабов, «Даўыс» балалар жойбарының жеңимпазы Сабина Мустаева қатнасып, жүрекке жағымлы қосықларды атқарды. Өзбекстан мәмлекетлик симфониялық оркестри ҳәм Мукаррама Турғунбоева атындағы «Бәҳәр» мәмлекетлик аяқ ойыны ансмабли де өз бағдарламаларын көрсетти.


Өзбекстан Республикасы мәденият министриниң биринши орынбасары Авазхон Тожихонов Россияда Өзбекстан мәденияты күнлери мәмлекетимиздиң жаңа имканиятларға ашық екени, өз-ара ҳүрмет ҳәм қоллап-қуўатлаўға тийкарланған мәдений қарым-қатнасты даўам етиўге умтылысын көрсететуғынын атап өтти.


– Бүгин биз әжайып байрам – дослық байрамын белгилеп атырмыз. Пурсаттан пайдаланып, халқымыздың байлығы, миллий мәдениятымыздың өзине тән тәреплерин көрсетпекшимиз. Қызғын қол шапатлаўларды еситиўден жағымлырақ нәрсе болмаса керек, бул ис-ҳәрекетлеримиз мүнәсип баҳаланғанын аңлатады. Исеним менен айта аламан, Өзбекстан ҳәм Россия арасындағы мәдений байланыслар терең тамырларға ийе ҳәм олар раўажланыўда даўам етпекте. Бул әўладтан-әўладқа өтип киятырған дәстүрлер  қатнасықларымызды және де раўажландырыў ушын тийкар болып хызмет етеди. Өзбек музыкасы, аяқ ойынлары ҳәм өнерментшилиги россиялы досларымыздың қәлбинен терең орын ийелемекте, рус әдебияты, көркем өнери ҳәм илим табыслары болса өзбек халқын илҳамландырады, – дейди «Ялла» ансамблиниң көркемлик жақтан басшысы Фаррух Зокиров.

Азиза Алимова, Дониёр Ёқубов, ӨзА.

Москва, Россия