Суд-ҳуқық тараўының ветеранларына ҳүрмет-иззет көрсетип, олардың тәжирийбесин жасларға жеткериў мақсетинде Өзбекстан Судьялары ассоциациясы, Қарақалпақстан Республикасы суды ҳәм Ҳәкимшилик суды менен биргеликте “Үш әўлад ушырасыўы” руўхый-ағартыўшылық илажы болып өтти.

Видеоконфренцбайланыс арқалы өткен илажда  Өзбекстан Судьялары ассоциациясының баслығы  Убайдулла Мингбаев, суд ветеранлары, Қарақалпақстан Республикасы судларының судьялары ҳәм хызметкерлери, олардың ата-аналары ҳәм студент-жаслар қатнасты.

Суд-ҳуқық тараўындағы реформалар инсан ҳуқықларын тәмийинлеўдиң айрықша факторы екенлиги, студент-жасларға әдил судлаў инсан мәплери қорғалыўының гиреўи екенлиги түсиндирилди. Сондай-ақ, “Пәклениў басқышы” китабының презентациясы өткерилди.

Китаптың таныстырыўында шығып сөйлегенлер, оның әҳмийети туўралы айтып, онда перзент тәрбиясы, инсанның мораллик көз-қараслары, мәмлекет ҳәм жәмийетте жүз беретуғын жаңаланыўларға болған қатнас, ҳуқықый мәмлекеттиң тийкарғы шәртлериниң бири болған нызам үстинлигине байланыслы пикирлер сәўлеленгенлиги атап өтилди. Сондай-ақ китапта, судьяның нызам талабына бойсыныўы, кәсиплик жуўапкершилик нормалары, руўхый раўажланыўға болған умтылысы, ҳәм бир истиң ақыбетин ойлаў кереклиги, ҳадал ҳәм пәк болыўы менен байланыслы пикирлер орын алған.

Ҳақыйқатында да көпти көрген нураныйлардың тәжирийбеси жаслар ушын ибрат мектеби болып табылады. Инсан қәдири улығланып атырған елде бундай ушырасыўлар жас судьялар ҳәм суд хызметкерлерин терең ойланыўға, әдил ҳәм тек нызамларға муўапық шын кеўилден ислеўге, инсанның тәғдири ҳәм қәдири ушын еледе жуўапкершиликли болыўға жетелейди. Өз-ара сәўбет ҳәм пикирлесиўде мәмлекетимизде инсан факторына жоқары итибар берилип атырғанлығы, Президентимиздиң басламасы менен инсанның қәдир-қымбаты, олардың арзыў-нийетлерин жүзеге шығарыўға имканият жаратып бериў әҳмийетли ўазыйпаға айланғаны атап өтилди.

Суд ветеранлары өмири ҳәм хызмети даўамында топлаған бай тәжирийбеси, жаслық дәўириндеги өзине тән қыйыншылықлар, хызметиндеги машақатлар, кекселик дәўириндеги көрсетилип атырған ҳүрмет-иззет туўралы кеўилдеги сөзлерин, ағла тилеклерин билдирди. Елимиздиң раўажланыўы ушын Президенитимизге жақын жәрдемши ҳәм қоллап-қуўатлаўшы болыў тийислиги үш әўладға тән жерлеслеримизге арасында болған пикирлесиўлердиң бас темасына айланды.


Илажда жас әўлад ўәкиллерине  Убайдулла Мингбаевтың “Пәклениў басқышы” китабы естелик ретинде берилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги