Өзбекстан жаслары ушын жаңа имканиятлар ашылмақта – Түркия менен бирге ислесиў кеңеймекте.
Түркия Республикасы Сырт елдеги түрклер ҳәм туўысқан жәмийетлер Бас басқармасы басшысы Абдуллоҳ Эрен ҳәм Жаслар ислери агентлиги директоры, сенатор Алишер Саъдуллаев арасында ушырасыў болып өтти.
Өзбекстан – Түркия арасындағы дослық ҳәм бирге ислесиў байланысларын және де беккемлеўге қаратылған мәселелер додаланған ушырасыўда тийкарғы итибар жасларға қаратылды. Соңғы жыллары еки мәмлекет арасындағы бирге ислесиў байланысларының раўажланып баратырғаны ҳәм әсиресе жаслар сиясаты тараўында айрықша табысларға ерисилип атырғаны атап өтилди.
Сондай-ақ, «Ибрат перзентлери» жойбары арқалы түрк тилин қурамалы үйренген жаслар Түркия Республикасына тәжирийбе алмасыў ушын жиберилиўи режелестирилди. 2025-2026-оқыў жылы ушын өзбекстанлы жасларға арнаўлы грант бағдарламаларын жолға қойыў бойынша әҳмийетли усыныслар да билдирилди.
Б.ХУДОЙБЕРДИЕВ, ӨзА