Бүгин мәмлекетимизде “Жасыл энергиядан” пайдаланыў барған сайын айрықша әҳмийетке ийе болмақта. Орынларда қуяш панельлериниң орнатылыўы жағдайы ҳәм  “Жасыл энергия” мәлимлеме системасына киргизилген мағлыўматлар бажыхана хызметкерлери тәрепинен орынларға шыққан ҳалда үйренилмекте.

Атап айтқанда, Қарақалпақстан Республкасы бажыхана басқармасы хызметкерлери аймақтағы шаңарақлық кәрханалардың бирине орнатылған 80 кВт қуўатлылықтағы қуяш панельлериниң нәтийжелилигин үйренди. Мәлим болғанындай, бул алтернативалы энергия дәреклери тәрепинен бүгинги күнге шекем 6 мың кВт электр энергиясы ислеп шығарылып, исбилерменлердиң өзлериниң талабын қанаатландырыўға ҳәм аўысқан бөлеги тармаққа сатылып, дәрамат алыўға тийкар жаратпақта.

Жумысшы топар үйрениўлер даўамында Қоңырат районында жайласқан медициналық хызмет көрсетиў клиникасына орнатылған 50 кВт, автотранспортларға техникалық хызмет көрсетиў шақапшасындағы 40 кВт қуяш панельлериниң жағдайын көзден өткерди. Электр энергиясын ислеп шығарыўда  қуяш панельлеринен нәтийжели пайдаланыўды жолға қойған исбилерменниң кәрханасына тийисли болған имаратта және 90кВт  қуўатлылықтағы қуяш панельлерин орнатыў жумыслары алып барылмақта.

Республикамызда быйылғы жылдың басынан берли 4 мың 220  объектке 25,22 МВт қуяш панели орнатылғанлығы бажыхана хызметкерлери тәрепинен үйренип шығылып, “Жасыл энергия” мәлимлеме системасы тастыйықланды. Соннан “Социаллық тараў” бағдарында 266  социаллық тараў  объектине 3,30 МВт, 1 мың 725 исбилерменлик субъектине  13,27 МВт ҳәм 2 мың 212 шаңараққа 8,5 МВт қуяш панели орнатылды.

Президентимиз тәрепинен 2025-жылдың “Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм “жасыл” экономика жылы” деп жәрияланыўы “жасыл  энергия” дереклеринен пайдаланыў перспективаларын және бир мәрте тастыйықлайды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги