Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасының мирәт етиўине бола, Россия Федерациясы Бас прокуроры Игорь Краснов басшылығындағы делегация Өзбекстанға келди.
Сапардың дәслепки бөлиминде делегация «Жаңа Өзбекстан» паркине келди ҳәм Россия Федерациясы Бас прокуроры И.Краснов Мустақиллик монументине гүл қойды.
Буннан соң Россия Федерациясы делегациясы Өзбекстан Республикасы Ҳуқық қорғаў академиясына барып, академияның жумысы ҳәм хызметкерлерди таярлаў ҳәм қайта таярлаў системасында әмелге асырылған реформалар менен танысты.
Сапар шеңберинде еки мәмлекетлик қадағалаў уйымларының басшылары арасында ушырасыў болып өтти.
Бас прокурор Ниғматилла Йўлдошев Өзбекстан ҳәм Россия Бас прокуратуралары арасындағы биге ислесиў байланыслары көп тәреплемели ҳәм динамикалық характерге ийе екенин атап өтти.
Делегация ўәкиллерине Президент Шавкат Мирзиёев басшылығында мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик турмыстың барлық тараўларында, атап айтқанда, суд-ҳуқық тараўында, Өзбекстан прокуратура уйымларының жумысын жетилистириў бағдарында әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар ҳаққында мағлыўмат берилди.
Дослық ҳәм конструктивлик қарым-қатнас шеңберинде бирге ислесиўдиң ҳәзирги жағдайы додаланды. Уйымлараралық байланысларды раўажландырыўдың әҳмийетли бағдарлары белгилеп алынды.
Атап айтқанда, ҳуқықбузарлық ҳәм жынаятшылықтың алдын алыў, соның менен бир қатарда, кибержынаятлар ҳәм басқа шөлкемлескен жынаятшылық түрлерине қарсы гүресиў, прокуратура жумысына мәлимлеме-коммуникация технологияларын енгизиў тараўларында тәжирийбе алмасыў ҳәм прокуратура уйымлары хызметкерлерин таярлаў, қайта таярлаў ҳәм маманлығын арттырыў тараўларында еки тәреплеме бирге ислесиў байланысларын беккемлеў мәселелери бойынша келисимге ерисилди.
Делегация ўәкиллери Өзбекстан Республикасы прокуратурасы музейине барып, уйымның көп жыллық тарийхы, тәжирийбеси ҳәм жумысы менен жақыннан танысты.
Н.Абдураимова, ӨзА