Инсан ҳуқықлары бойынша Өзбекстан Республикасы Миллий орайы 1996-жылы 31-октябрьде шөлкемлестирилген. Бүгин бул сәнеге 28 жыл толды.
Мәмлекетимиз басшысының 2018-жыл 10-декабрьдеги «Инсан ҳуқықлары бойынша Өзбекстан Республикасы Миллий орайы жумысын жетилистириў ҳаққында»ғы қарарына муўапық, Миллий орайдың статусы түп тийкарынан арттырылды, ўәкиллик ҳәм жумыс көлеми және де кеңейтилди.
Инсан ҳуқықлары бойынша Өзбекстан Республикасы Миллий орайы инсан ҳуқықлары тараўындағы мәмлекет сиясатты нәтийжели әмелге асырыў шеңберинде Өзбекстанның бул тараўдағы халықаралық миннетлемелериниң орынланыўы бойынша мәмлекетлик уйымлар менен бирге ислесиў менен бирге олардың бул бағдардағы жумысына жақыннан жәрдемлеспекте.
Президентимиздиң 2022-жылы 25-мартта «Инсан ҳуқықлары бойынша Өзбекстан Республикасы Миллий орайы жумысының техникалық тәмийнатын және де жақсылаў ҳаққында»ғы қарары қабыл етилди. Оған бола, Миллий орай қурамында Инсан ҳуқықлары бойынша мәлимлеме-китапхана орайы- «Инсан ҳуқықлары үйи» шөлкемлестирилди.
-Өзбекстанда инсан ҳуқықлары тараўын раўажландырыўдың уйымлық бағдарламалары арнаўлы ислеп шығылғаны ҳәм қабыл етилген ҳалда, бул бағдарда мәмлекеттиң стратегиялық бағдарламалық ҳүжжетин тастыйықлаў тәжирийбеси бақланбағанын ашық айтыў керек, -дейди Миллий орайдың баспасөз хызмети басшысы Ғулом Мирзаев.- Усы мәнисте, 2020-жыл 22 –июньдеги пәрман менен тастыйықланған Инсан ҳуқықлары бойынша Өзбекстан Республикасы Миллий стратегиясы үлкен әҳмийетке ийе болды. БМШтың Инсан ҳуқықлары бойынша жоқары комиссары Басқармасы экспертлериниң қатнасыўында ислеп шығылған бул стратегия мәмлекетимизде инсан ҳуқықларын қорғаў механизмин жетилиситриў ҳәм инсан ҳуқықлары мәдениятын қәлиплестириўде оғада үлкен әҳмийетке ийе болмақта. Бул ҳүжжетте инсан ҳуқықлары мәселесине системалы көзқарас ҳәм бар бослықлар, кемшиликлерди сапластырыў ашық-айдын көрсетилген.
Өзбекстан инсан ҳуқықларына әмел етиў ҳәм оларды қорғаў бойынша миллий баянатлар таярлаў, инсан ҳуқықларын қорғаў бойынша халықаралық ҳәм регионаллық структуралардың усынысларын әмелге асырыў бойынша миллий ҳәрекет режелери («жол карталары»)н ислеп шығыў Миллий орайдың ең тийкарғы ўазыйпалары қатарына киреди. Бундай миллий баянатлар 1999-жылдан берли таярланбақта ҳәм арнаўлы түрде тийисли халықаралық шөлкемлерге жиберилмекте.
Буннан тысқары, орай нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерди жетилистириў, инсан ҳуқықлары тараўындағы Өзбекстан Республикасының халықаралық шәртнамаларын миллий нызамшылыққа ҳәм ҳуқықты қолланыў әмелиятына имплементациялаўды тәмийинлеў бойынша усыныслар таярлап, тийисли тәртипте көрсетип келмекте.
Миллий орай халықтың ҳуқықый саўатлылығын арттырыўға жәрдемлесиў, инсан ҳуқықларына әмел етиў мәселелери бойынша илимий изертлеўлерди шөлкемлестириўге айрықша итибар қаратпақта.
Мәмлекетимизде инсан ҳуқықлары тараўындағы табыслар ушын хошаметлеўди нәзерде тутатуғын айрықша сыйлық алдынлары жоқ еди. Президентимиздиң басламасы менен 2028-жыл 10-декабрьде «Инсан ҳуқықларын қорғағаны ушын» көкирек белгиси шөлкемлестирилди.
Ендигиден былай ҳәр жылы 10-декабрь – Халықаралық инсан ҳуқықлары күнинде «Инсан ҳуқықларын қорғағаны ушын» көкирек белгиси ийелери Инсан ҳуқықлары бойынша Өзбекстан Республикасы Миллий орайы тәрепинен салтанатлы түрде хошаметленип барылмақта.
ӨзА