Қарақалақ саз өнеринде өзиниң жанға жағымлы намалары менен халқымыздың руўхый дүньясына кирип барған Улбийби Абдуллаева республикамыздағы санаўлы комозитор ҳаял-қызлардың бири.
Өзиниң «альфавити» не ийе болған ноталардың тилин түсинип, оны жылаўлап алыўдай қәбилетке ийе болыў ҳәммениң де қолынан келе бермейди. Бул иләҳий қәбилетти меңгериў Улбийби ушын шаңарақтағы дөретиўшилик орталық себепли балалағынан қәлиплесип барды.
Дөретиўшилер шаңарағында туўылып өскен ол әкеси, Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген көркем өнер ғайраткери К. Абдуллаевтан ҳәм қыз апасы, Қарақалпақстан халық артисти, дирижёр Аида Абдуллаевадан дөретиўшилик илҳам алып, жаны жақсы намаға қуштар болып өсти.
Мектепти оқып жүрип 1973-жылы Р.М.Глиэр атындағы музыка мектебиниӊ фортепиано бөлимине оқыўға кирди ҳәм оның ол жердеги ең биринши устазы Л.Т.Статова болды. Болажақ композитор 7 жыл музыка мектебинде оқып жүрип көплеген таңлаўларда қатнасады. 1980-жылы М.Ашрафий атындағы жас атқарыўшылар таңлаўында Қарақалпақстан Республикасында 1-орынды ийелеп Ташкент қаласына жоллама алды. 1980-жылы орта ҳәм музыка мектеплерин питкерип Ж.Шамуратов атындағы Нөкис көркем өнер училищесине фортепиано бөлимине оқыўға киреди. Училищеде О.Спиридонова, Т.Панамарева фортепиано, Ғ.Демесинов, Д.Жанабаева, К.Өтегенов сыяқлы устазларынан гармония, полифония сабақларын алды. Училищеде оқып жүрип 1982-1984 жыллары республикалық академиялық жас атқарыўшылар таңлаўларына фортепиано бойынша қатнасып, жақсы нәтийжелерге ериседи. Ол устазы Д.Жанабаеваға композициядан факультатив сабағына қатнасып, өзиниң биринши шығармаларын дөретеди. Фортепиано ушын еки прелюдия, «Қызыл гүл» романсы, тарлы квартет ушын «Шымбай» халық намасын қайта ислейди.
1984-жылы училищени питкерип М.Ашрафий атындағы Ташкент мәмлекетлик консерваториясының композиция факультетине оқыўға киреди. Ол жерде профессор, композитор Б.Ф.Гиенконың класында тәлим алады. Оқыў жылларында да У.Абдуллаева бир неше шығармаларын дөретеди. Солардан, фортепиано ушын «Балалар альбомы», еки прелюдия, баллада «Дәстаннан», вариация, демли әсбаплар ушын бир неше шығармалар, тарлы квартет ушын сюита, симфониялық оркестр ушын увертюра, поэма «Арал ҳаўазы», сопрано ҳәм камер оркестри ушын «Вокализ».
Ол студентлик дәўиринде нама жазыў менен биргеликте фортепианода атқарыўшылық кәсибин даўам етеди. 1984-1985-жыллары Нөкис қаласында өткерилетуғын үлкен концертлерде оркестр менен Ғ.Демесиновтың фортепиано ушын 2-концертин атқарып шығады.
1989-жылы консерваторияны табыслы питкергеннен соң диплом жумысына «Өмирбек» балет сюитасын жазады. Сол жылы ол Ж.Шамуратов атындағы Нөкис көркем өнер училищесине теория бөлимине оқытыўшы ҳәм концертмейстер болып жумысқа киреди. Сондай-ақ, оқытыўшылық жумысынан басқа ол Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында концертмейстер лаўазымында жумыс ислейди. Соның менен биргеликте, 1996-2004 жыллар аралығында Нөкис қалалық 1-санлы мәденият үйинде «Нәўше» атындағы балалар вокал ансамблиниң музыка басшысы болып иследи. Ансамбльде ислеп жүрип, балалар ушын 30 дан аслам қосық ҳәм хорларды дөретеди. Ансамбль республикамыздың барлық концертлеринде қатнасып, репертуарында У.Абдуллаеваның нама қосықлары алдынғы орынларды ийелейди. Солардан, И.Юсупов сөзине «Топ-топ», Х.Сапаров сөзине «Спорт сондай пайдалы», «Өзбекстан жәннет мәкан», Г.Нурлепесова сөзине «Бахытлы балалық», «Қарақалпақстан», «Биз Алпамыс әўлады», «Муғаллимим-устазым», «Өпепек», «Қуўыршағым» ҳәм тағы басқалар. Усы қосықлар топламы тийкарында 2005-жылы Ташкент қаласында өзиниң «Бахытлы балалық» (20 қосықтан ибарат) атамасындағы биринши авторлық китабын басып шығарады.
Сондай-ақ, 2012-жылы Т.Даўлетмуратова менен биргеликте «Қарақалпақ композиторларының вокал шығармалары» оқыў қолланбасы, 2018-жылы «Қарақалпақ композиторларының фортепиано шығармалары» оқыў қолланбасы, 2022-жылы «Баҳасын жоғалтпаған намалар» атамасында монографиясы баспадан шығарылды. Усы мийнетлери нәтийжесинде профессор дәрежесине миясар болды.
-Улбийби менен бир неше жыллардан берли дөретиўшилик жолымызда бирге ислесип келмектемиз. Ол жигирмаға шамалас қосықларыма намалар жазды. Солардан «Ана журтым» қосығын Дәлибай Мәмбетмуратов бир неше жыллардан берли атқарып келмекте. «Ўатан» қосығымды Гүлнигар Сапаева «Ўатан ҳаққында атқарылған қосықлар» таңлаўының республикалық басқышында атқарып, биринши орынды ийелеўге миясар болған еди. Соның менен бирге балалар ҳаққында жазылған қосықларыма намалар жазып, бул қосықлар мектеп оқыўшылары ҳәм бақша тәрбияланыўшыларының атқарыўында жаңлап келмекте,-дейди белгили шайыра Гүлнара Нурлепесова.
Нәзик қәлб ийеси, дөретиўши инсан Улбийби Абдуллаева Нөкис мәденият ҳәм көркем өнер колледжинде 33 жыл даўамында оқытыўшы ҳәм бөлим баслығы болып жумыс алып барды
Ол дөретиўшилиги даўамында 30 дан аслам балалар қосықлары, 30 дан аслам қосық ҳәм романслар жазды. Мәселен, И.Юсупов сөзине «Гүллер аңламас», «Жаңа жыл», М.Жуманазарова сөзине «Еле мен», «Сен болмасаң», Ш.Пайзуллаева сөзине «Аналарды уран еткен халықпыз», Г.Нурлепесова сөзине «Ана журтым», «Ўатан», «Бәҳәр», К.Рахманов сөзине «Ана жүрегинен басланар Ўатан», Т.Каллиев сөзине «Муқаддес Ўатан», А.Өтениязова сөзине «Туўған жер», Б.Генжемуратов сөзине қосық «Ең гөззал дияр», 2022-жылы Г.Нурлепесова сөзине «Ақ кеме» лагериниң гимни, Б.Генжемуратов сөзине Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалының студентлериниң гимнин жазды.
1992-жылы А.Есимбетовтыӊ «Дуўаланған қала», 2012-жылы М.Хожанованыӊ «Достыңнан тап» сыяқлы қуўыршақ театрының спектакллерине музыка ҳәмде 2008-жылы жазыўшы ҳәм кинодраматург М.Нызановтыӊ «Уры», 2009-жылы «Курорт», 2012-жылы «Золотые купола под водой», 2016-жылы «Кешир» көркем фильмлерине музыкалар, саундтрек қосықларына намалар жазады.
Композитордың мийнетлери ҳүкиметимиз тәрепинен мүнәсип баҳаланып, 2000-жылы Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊесиниӊ «Ҳүрмет жарлығы», 2010-жылы «Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиӊген көркем өнер ғайраткери» атағы, «Мәденият ҳәм көркем өнер пидайысы» көкирек белгиси менен сыйлықланды.
Ҳәзирги ўақытта Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында оқытыўшы болып ислеп атырған Улбийби апа жасларға тәлим-тәрбия бериўи менен бирге дөретиўшилик жумысларын даўам етпекте. Шаңарақта меҳрибан ана, саз әлеминде болса өзиниң мүнәсип орнына ийе болған композитор быйыл 60 жасқа толмақта. Гөззал намаларды дөретиўде елмиздеги тынышлық, халқымыздың абадан турмысы, гөззал тәбият ҳәм бахытлы балалардың жүзлериндеги қуўанышлы күлкилерден илҳам алатуғын комозитор апамыз нама дөретиўдей илаҳият әлеминде дөретиўшилик жолын даўам етпекте. Бул жолда оған зор денсаўлық, шаңарақлық бахыт, дөретиўшилик табыслар тилеймиз.
Гүлнара Турдышова,
Қарақалпақстан хабар агентлиги