Хожели районы “Саманкөл” мәҳәллесинде жайласқан егислик майданында аўыл хожалығы тараўына байланыслы көргизбели семинар болып өтти.

Оған, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси баслығының орынбасары Ш.Тешаев, район ҳәкими Ж.Ермашев, сектор басшылары, мәкеме, шөлкем ҳәм 28 мәҳәлле баслықлары қатнасты. Илажда сөзге шыққанлар  шүдигарлаў жумысларын өз ўақтында сапалы әмелге асырыў, ғәлле тәрбиясына итибар бериў, сондай-ақ атыз шетлерин бос қалдырмай тут ҳәм басқада мийўе нәллерин егиў бойынша әмелге асырылыўы керек болған мәселелерге тоқтап өтти. Соның менен бирге “Жасыл мәкан” улыўма миллий жойбарының гүзги мәўсимин шөлкемлестириў мәселелери бойынша тапсырмалар берилип, бул бағдарда анық ўазыйпалар белгиленип алынды.






Семинар даўамында қатнасыўшылар әҳмийетли мағлыўматларға ийе болып, өзлериниң қызықтырған сораўларына толық жуўап алды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги