Мәмлекетимизде барлық тараўлар қатарында аўыл хожалығы тараўында әмелге асырылып атырған түпкиликли реформалар тийкарында өзгерислер, жаңаланыўларға ерисилмекте. Президентимиздиң Қарақалпақстан Республикасын социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў  бағдарында әмелге асырылып атырған кең көлемли илажлар қатарында  аграр тараўда да  бир қанша жаңа техника ҳәм технологияларды енгизиў нәтийжесинде  раўажланыў басқышына көтерилмекте.

Әмиўдәрья районында шөлкемлестирилген семинарда аўыл хожалығын  раўажландырыў бойынша әмелге асырылып атырған усы реформалардың мазмун мәниси және бир мәрте өз тастыйығын  тапты. Толқын аўылындағы «Худайбердиев Санаат» фермер хожалығында семинар шөлкемлестирилип, онда аўыл хожалығында әмелге асырылыўы зәрүр  болған ўазыйпаларды муўапықластырыў, өз-ара тәжирийбе алмасыў мәселелери ҳаққында  сөз етилди. Семинарда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң аўыл хожалығы мәселелери бойынша комитет баслығы А.Жуманазаров, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси баслығының аўыл ҳәм суў мәселелери бойынша орынбасары Ш.Тешаев, Қарақалпақстан Республикасы аўыл хожалығы министри Д. Қайыпов,  Әмиўдәрья районының ҳәкими С.Хожаметов ҳәм аўыл хожалығы тараўы бойынша жуўапкерлер, фермерлер ҳәм кәрхана, шөлекемлердиң баслықлары қатнасты.



Илажда  келеси жылда тараўда мол өнимди алыўға ерисиў ушын егислик жерлерди таярлаў, лазерли тегислеў, жердеги шорды жуўыў, бийдай өнимин  жетистириў, «Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбары шеңберинде  жедел жумысларды әмелеге асырыў лазым болған мәселелер сөз етилди. Сондай-ақ семинарда райондағы аграр тараўда жумыс алып барып атырған  жуўапкерлер әмелге асырылған ўазыйпалар бойынша мағлыўматлар берди.

Семинардың күн тәртибиндеги мәселелер бойынша усыныслар билдирилип, көрсетпелер берилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги